Усы жылдың 6-июнь күни Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда ОСК ағзалары, ғалаба хабар қураллары ҳәм сиясий партиялардың ўәкиллери, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши округлик сайлаў комиссияларының ағзалары қатнасты.

Соның ишинде, 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының баслығы Т.Атамуратов ҳәм округ ағзалары да видеоконференцбайланыс  түринде қатнасты.

Мәжилис күн тәртибинен Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанлардың исенимли ўәкиллерин дизимге алыў, Орайлық сайлаў комиссиясы жанындағы оператив мәлимлеме бериў орайының жумысын шөлкемлестириў, Өзбекстан Республикасының Президент сайлаўында халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт мәмлекетлерден қатнасатуғын бақлаўшылар менен ҒХҚ ўәкиллерин аккредитациядан өткериўге байланыслы мәселелер орын алды.

Атап өтилгениндей, Орайлық сайлаў комиссиясы 5-июнь күни сиясий партиялардан Өзбекстан Республикасы Президентлигине көрсетилген талабанларды дизимге алған еди.

Исенимли ўәкиллер Өзбекстан Республикасы Президенти лаўазымына талабанға сайлаў мапазын өткериўде жәрдем береди, оның сайланыўы ушын үгит-нәсият алып барады, мәмлекетлик уйымлар ҳәм жәмийетлик бирлеспелер, сайлаў комиссиялары менен болатуғын мүнәсибетлерде талабанның мәплерин сәўлелендиреди.

Сайлаў нызамшылығы талапларына муўапық, Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанлардың исенимли ўәкиллери, Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен дизимге алынғаннан соң оның усынысына бола Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен дизимге алынады. Талабанның исенимли ўәкиллерине Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен белгиленген үлгидеги гүўалық бериледи.

Соннан келип шыққан ҳалда, мәжилис даўамында Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан Улуғбек Илясович Иноятовтың, Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан либерал-демократиялық партиясынан Шавкат Миромонович Мирзиёевтиң, Өзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясынан Робахон Анваровна Маҳмудованың ҳәм Өзбекстан Экологиялық партиясынан Абдушукур Худойқулович Ҳамзаевтың исенимли ўәкиллери дизимге алынды.

Сондай-ақ, мәжилисте сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў дәўиринде Орайлық сайлаў комиссиясы жанында оператив мәлимлеме бериў орайын шөлкемлестириў бойынша қарар қабыл етилди ҳәм тийисли Реже тастыйықланды.

“Cаll-center”диң тийкарғы ўазыйпасы сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў дәўиринде пуқаралар менен реал ўақыт режиминде тиккелей байланысты жолға қойыў, сайлаў комиссияларының жумысы, сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўдиң барлық басқышлары ҳаққында толық ҳәм исенимли мәлимлемени пуқараларға ҳуқықый жақтан түсиндириў ҳәм мәсләҳәтлер бериў арқалы жеткериў, сондай-ақ, сайлаўшылардың даўыс бериў ҳәм мүрәжат етиўге байланыслы конституциялық ҳуқықларының сөзсиз әмелге асырылыўы ушын шараятлар жаратыў, пуқаралардың сайлаў нызамшылығы ҳәм сайлаў процесслеринен хабардарлық дәрежесин арттырыўдан ибарат.

Сондай-ақ, Сыртқы ислер министрлигиниң усынысына бола ЕҚБШ ДИИҲБның 12 сайлаўды бақлаўшы миссиясы ўәкиллери ОСКның қарары менен аккредитациядан өткерилди.






Орайлық сайлаў комиссиясына келип түскен мүрәжатлар тийкарында, 39 жергиликли ғалаба хабар қуралларының 139 ўәкили аккредитациядан өткерилди. Усы күнге шекем аккредитациядан өткерилген жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң улыўма саны 229 ды қурамақта.

Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилиси жуўмақланғаннан соң 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының баслығы Т.Атамуратов басшылығында күн тәртибинде додаланған мәселелер, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериў ҳәм оған таярлық көриў бойынша ис-режеге муўапық әмелге асырылатуғын ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

 

1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының Баспасөз орайы

Қарақалпақстан хабар агентлиги