Қарар ҳәм оның орынланыўы

Беруний районындағы 1-санлы «У.Жуманиязов» сайлаў округинде Саркоп ҳәм У.Жуманиязов мәкан пуқаралар жыйыны жайласқан.

Бул мәҳәллелерде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги «Мәҳәллелердиң инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-408-санлы қарарына муўапық бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, У.Жуманиязов МПЖ аймағындағы 455-санлы трансформаторға қосымша 160/6 кВт.лы және бир трансформатор, 0,4 кВт.лы электр узатыў линиясын СИП кабелине алмастырыў ҳәм қуўатлылығы 160 кВт. болған трансформаторды үлкен қуўатлылыққа ийе 250/6 кВт.лы трансформаторға алмастырыў жумыслары белгиленип, оған 240 миллион сум қаратылды.

Ал, Саркоп АПЖ аймағында баҳасы 1497,4 миллион сумлық мектепке барылатуғын 4 километрлик пиядалар жолын қурыў режелестирилген.

– Қарарға киргизилген усы объектлерде жеке өзим 2022-2023-жылларда депутатлық қадағалаўын орнатып, ондағы машқалалар ҳәм халықтың пикир-усыныслары менен турақлы түрде танысып бардым,-дейди 1-санлы «У.Жуманиязов» сайлаў округинен районлық Кеңеске ӨзЛиДеПтен сайланған депутат Лола Хожаниязова.

Бүгинги күнде қадағалаўдың нәтийжесинде объектлердеги жумыслар толық орынланды. Атап айтқанда, У.Жуманиязов МПЖ аймағындағы 455-санлы трансформаторға қосымша 160/6 кВт.лы трансформатор, 0,4 кВт.лы электр узатыў линиясын СИП кабелине алмастырыў ҳәм қуўатлылығы 160 кВт. болған трансформаторды үлкен қуўатлылыққа ийе 250/6 кВт.лы трансформаторға алмастырыў жумыслары толық жуўмақланып, Саркоп АПЖ аймағындағы мектепке барылатуғын 4 километрлик пиядалар жолын қурыў жумыслары да 100 процентке орынланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги