Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жоқары оқыў орынларының студентжаслары арасында «Конституциябас нызамымыз» атамасында шығарма жазыў бағдары бойынша таңлаў өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген илаждың мақсети Жаңа Өзбекстанда «Жаңаланған Конституция» ның мазмун-мәнисин жәмийетшиликке кеңнен түсиндириў, студент-жаслардың жаңадан қабыл етилген Конституция ҳаққындағы билимлерин баҳалаў ҳәм олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў болып табылады.

Таңлаў қатнасыўшылары Конституциямыздың ҳәр бир статьясын өзлериниң дөретиўшилик жумысларында сәўлелендирди. Келип түскен дөретиўшилик жумыслар Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ресурслары орайы, Юридика техникумы, Жаслар ислери агентлигиниң жуўапкер ўәкиллеринен ибарат төрешилер қурамы тәрепинен таңлап алынды.




Төрешилер қурамының жуўмақлаўшы шешимине бола, биринши орын Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети өзбек филологиясы факультетиниң 2-курс студенти Г.Гаппароваға, екинши орын Қарақалпақ медицина институтының 4-курс студенти И.Ражаповаға ҳәм үшинши орын ҚМУдың өзбек филологиясы факультети 1-курс студенти Н.Шукуруллаеваларға несип етти.


Қарақалпақстан хабар агентлиги