Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының баспасөз хызмети тәрепинен Нөкис районындағы Кердер мәдениятына тийисли тарийхый естеликлерде әмелге асырылып атырған халықаралық экпедицияның жумыслары менен таныстырыў мақсетинде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын пресс-тур шөлкемлестирилди.

Кердер мәдениятына тийисли «Ҳайўанқала» естелик комплексинде усы жылдың 23-май сенесинен берли археологиялық қазыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Россия Федерециясының Қазан федераль университети ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты арасында дүзилген бирге ислесиў шәртнамасы тийкарында шөлкемлестирилген бул халықаралық археологиялық экспедицияға Россия Федерациясы Татарстан Республикасы Илимлер Академиясы А.Х.Халиков атындағы Археология институтының директоры, профессор Айрат Ситдиков басшылығындағы илимпазлар, Россия ҳәм Қазақстанның алдынғы жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў орайларынан 20 дан аслам қәнигелер, сондай-ақ, институттың Тарийх факультетиниң профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери қатнаспақта.





– Дүньяның көплеген мәмлекетлеринде археологиялық қазыў жумысларына қатнасқанман. Билесиз, археологлардың жумысы оғада қыйын. Олар бәрқулла үйинен узақта, далада жумыс ислейди. Бундай жағдайда, әлбетте, биринши гезекте, қазыў жумыслары ушын жаратылған шараятлардың жоқары болыўы үлкен әҳмийетке ийе. Бул жердеги дем алыў, лабораториялық тексериў, студентлер менен сабақ өтиў, аўқатланыў ушын жаратылған шараятларға жоқары баҳа бергим келеди,-дейди экспедиция қатнасыўшысы, Әл-Фарабий атындағы Қазақ Миллий университети профессоры Мурат Шалекенов.

«Ҳайўанқала» археологиялық естелигинде әмелге асырылып атырған халықаралық эспедициядан гөзленген баслы мақсет – археологиялық қазыў нәтийжесинде табылған буйымлар ҳәм мәдений қатламлар бойынша халықаралық илимий пикирди қәлиплестириў, сондай-ақ, илимий жуўмақлар шығарыў бойынша белгиленген жумысларды орынлаўдан ибарат.

Бул ушын институт тәрепинен 1 миллиард 400 миллион сумға арнаўлы шатырлар ҳәм 4 миллиард сумға қазыў жумысларында пайдаланылатуғын археоогиялық әсбап-үскенелер сатып алынған.

– Бизлер усы археологиялық қазыў жумысларына қатнасып, үлкен илимпазлардан тараўға тийисли көплеген нәрселерди үйреип атырғанымыздан қуўанышлымыз. Ҳәр бир тарийхқа қызығатуғын адам, әсиресе, бизлер сыяқлы стдентлер усындай археологиялық қазыў жумысларына қатнасыўды, тарийхый естеликлерди, материалларды өз қоллары менен табыўды, услап көриўди әрман етеди. Мине, бүгинде устазларымыздан алған теориялық билимлеримизди әмелиатта сынап көрип, бирге оқыйтуғын студентлер Хасан Әметов, Севара Дүрдибаева, Зулейха Сабировалар менен бирге қазыў жумыслары даўамында сүйек, теңге, керамикалық буйым сынығын ҳәм гүзе таптық. Бундай нәрселер бул жерде ҳәр күни табылып атыр,-дейди институттың тарийх факультетиниң 1-курс студенти Едиге Алланиязов.

«Ҳайўанқала» (ямаса Кердер қаласы) мәмлекетимиздиң орта әсирлердеги бай тарийхынан дәрек бериўши естеликлердиң бири болып, оның ҳәзирги ўақыттағы сақланған аймағы 19 гектарды қурайды. Бул жерде дәслеп 1947-жылы С.П.Толстовтың басшылығында Хорезм археологиялық экспедициясы тәрепинен изертлеў жумыслары алып барылған. Соң Қарақалпақстан Тарийх, тил ҳәм әдебият институтының археологиялық изертлеў отряды, 1961-1967-жыллары археологлар А.В.Гудкова ҳәм В.Н.Ягодин, сондай-ақ, 1995-2000-жылларда Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының археолог илимпазлары тәрепинен археологиялық изертлеўлер алып барылған.

Бүгинги күнде естеликтиң жоқарғы қатламларында қазыў жумыслары алып барылмақта. Бул жерден турақ жайлардың қурылыс излери, дийўаллары, саўда-экономикалық қатнасықлардан дәрек бериўши көплеген мыс теңгелер, геометрикалық нағыслар түсирилген сырланған ҳәм сырланбаған гүлалшылық ыдыслары, олардың фрагментлери, шийше ыдыслардың бөлеклери, кесип исленген геометрикалық нағыслар түсирилген керамикалық буйымлар табылмақта. Жоқары қатламнан табылған бул табылмалар IX-XI әсирлер менен байланыслы.







Мағлыўмат ушын, «Ҳайўанқала» естелик комплексинде халықаралық археологиялық экспедиция шеңберинде қазыў жумыслары усы жылдың 10-июнь күнине шекем даўам етеди.

Соның менен бирге, халықаралық эспедиция тәрепинен әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелери бойынша усы жылдың гүз айларының биринде халықаралық илимий конференция шөлкемлестирилиўи режелестирилмекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги