Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Қатар Мәмлекетиниң Әмири шейх Тамим бин Ҳамад Ол Соний 5-июнь күни мәмлекетлик сапар менен елимизге келди.

Самарқанд халықаралық аэропортында Қатар Әмирин Өзбекстан Президенти күтип алды.

Жоқары мәртебели мийманның ҳүрметине еки мәмлекет байрақлары көтерилди ҳәм ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Мәмлекет басшылары минберге көтерилди.

Қатар Әмирине халқымызға тән жоқары миймандослық көрсетилди. Бай миллий мәденият ҳәм көркем өнеримиз үлгилери көрсетилди. Нама-қосықлар атқарылды.

Буннан кейин Қатар Мәмлекетиниң Әмири шейх Тамим бин Ҳамад Ол Соний Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында ески ҳәм бийтәкирар Самарқанд қаласының уллы архитектуралық зыярат етиў орынларын көзден өткерди.

Мәмлекет басшылары дәслеп Мырза Улығбек обсерваториясы ҳәм музейин барып көрди. Бизге белгили, Муҳаммед Тарағай Мырза Улығбек уллы илимпаз ҳәм ҳүкимдар сыпатында илим ҳәм мәденияттың раўажланыўына үлкен үлес қосқан. Орта әсирлерде өз алдына обсерватория жаратып, аспан денелерин оғада анық үйренген. Оның «Жулдызлар кестеси Қураганий» шығармасы пүткил дүнья жүзинде, атап айтқанда, араб дүньясында асторономия бойынша илимий дәрек сыпатында белгили болған.


Танысыў ўақтында темурийлер дәўиринде илим, мәденият ҳәм дөретиўшилик жоқары дәрежеде раўажланғаны, бул елимиздеги Екинши Ренессансқа тийкар болғаны еске алынды. Бүгин елимизде ислам цивилизациясы, уламалар мийрасын үйрениў бойынша орайлар дүзилгени атап өтилди.




Кейинги мәнзил «Афрасиаб» музейи болды. Бул жердеги экспонат ҳәм дийўалдаға сүўретлер Самарқанд қаласының үш мың жыллық тарийхынан сөз етеди. Усындай сүўретлердиң биринде Афрасиаб ҳүкимдарының елшилерди қабыллаў мәресими сәўлеленген. Бул ата-бабаларымыз дипломатияға үлкен итибар бергенин, Шығыс үлкелери менен әзелден бирге ислесиў жақсы болғанын көрсетеди.

Дүньяға белгили Регистан майданы – мәмлекетимиздиң және бир «мирәт қағазы», ата-бабаларымыз дөретиўшилик потенциалының гөззал көриниси. Мырза Улығбек, Шердар ҳәм Тиллакори медреселериниң саўлаты, өзине тән архитектурасы ҳәммеде қызығыўшылық ҳәм ҳәўесин оятады.

 




Жоқары мәртебели мийманға медреселердиң қурылыс тарийхы, нағыс ҳәм белгилердиң мазмуны, майданда әмелге асырылған оңлаў жумыслары ҳаққында айтып берди. Қатар Әмири медреселерди үлкен қызығыўшылық пенен тамаша етти.

Соң мәмлекет басшылары Самарқандтың Халықаралық туризм орайындағы «Мәңги шәҳәр» комплексине келди.

Өзбекстан ҳәм Қатар арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанына 25 жылдан аслам ўақыт өткен болса да, бул мәмлекет басшысы биринши рет елимизге мәмлекетлик сапарын әмелге асырмақта. Бул кейинги жылларда мәмлекетлеримиз арасында еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиў жедел раўажланып атырғанының нәтийжеси болып есапланады. Соның ишинде, жақында Ташкент қаласында Қатар мәмлекетиниң елшиханасы ашылды. Президент Шавкат Мирзиёевтиң 5-июнь күни қабыл етилген пәрманы менен Қатар пуқаралары ушын визасыз система енгизилди.

Сапардың тийкарғы илажлары  6-июнь күнине режелестирилген.

Сапар даўамында Өзбекстан ҳәм Қатар арасындағы көп тәреплемели қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў мәселелери көрип шығылады Онда, бәринен бурын, жедел сиясий сөйлесиўлер, аўыл хожалығы, инфраструктура, логистика, туризм ҳәм басқа да тармақларда ири инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў дыққат орайында болады.

Мәмлекет басшылары халықаралық сиясат ҳәм регионаллық күн тәртибиниң әҳмийетли мәселелерин де додалады.


Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Ғолиб ҲАСАНОВ,

ӨзАның хабаршылары