Үргенш қаласында Халық депутатлары Хорезм ўәлаятлық кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтти.

Сессияда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасты.

Ўәлаят ҳәкими талабан Жўрабек Раҳимов аймақты раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы усыныс ҳәм пикирлери ҳаққында есабат берди.

Ж.Раҳимов ўәлаятта санаатты раўажландырыўға байланыслы режелерин мәлим етти. Президент бул бойынша жуўапкерлерге бир қатар тапсырмаларды берди.

Усы жылдың ақырына шекем жуўапкерлерге 14 ири санаат жойбарының инфраструктурасы ушын қосымша 100 миллиард сум қаратыў, Үргенш қаласы ҳәм Үргенш районында электротехника ҳәм фармацевтика санаат парклерин шөлкемлестириў, 20 миллион доллар инвестиция киргизип, «Дамас» ҳәм «Лабо» автомашиналарын ислеп шығарыў көлемин 1,5 есеге арттырыў (90 мыңнан 150 мыңға) ўазыйпасы тапсырылды.

Бул арқалы 300 жаңа жумыс орны жаратылады.

Буннан тысқары, Янгиариқта кеминде 250 жойбарды әмелге асырып, районды 5-категориядан 3-категорияға өткериў миннетлемеси жүкленди. Оның ушын, киши санаат жойбарын әмелге асырмақшы болған исбилерменлерге 100 миллион сумға шекем гиреўсиз кредит алыўға руқсат бериледи. (ҳәзир – 33 миллион сум).


ӨзА