Үргенш қаласында Халық депутатлары Хорезм ўәлаятлық кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтти.

Сессияда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасты.

Ўәлаят ҳәкими талабан Жўрабек Раҳимов аймақты раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы усыныс ҳәм пикирлери ҳаққында есабат берди.

Ж.Раҳимов азық-аўқат балансы бойынша режелерин де мәлим етти. Президент бул бойынша жуўапкерлерге бир қатар тапсырмаларды берди. Атап айтқанда, «Тошсоқа системасындағы магистраль суўғарыў каналын тиклеў» жойбарының 2-басқышы әмелге асырылады.

Жуўапкерлерге еки ҳәпте мүддетте «Дәрьялық» магистраль коллекторы системасына насослар орнатыўға 35 миллиард сум ажыратыў, жылдың ақырына шекем Бағат, Шават ҳәм Янгибазарда 2 мың гектарда жүзим, алма ҳәм қаўын плантацияларын жаратып, лизинг тийкарында исбилерменлерге тарқатыў ўазыйпасы тапсырылды.

Буннан тысқары, 2023-жылы Гүрлен ҳәм Бағатта агрологистика орайларын шөлкемлестирип, оған 5 миллион доллар қаратылады.

Жуўапкерлерге:

– үш айда шарўашылыққа қәнигелескен 53 мәҳәлледе сүтти қабыллаў пунктлерин ашып, исбилерменлерге бериў, оған 20 миллиард сум қаратыў;

– таўық гөши жетиспейтуғын 363 мәҳәллениң ҳәр биринде 2 мың бас таўық бағыўға мөлшерленген 2 еўден жойбарды баслаў, оған 10 миллион доллар ажыратыў шәрт екенлиги айтылды.

ӨзА