Үргенш қаласында Халық депутатлары Хорезм ўәлаятлық кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтти.

Сессияда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасты.

Ўәлаят ҳәкимлигине талабан Жўрабек Раҳимов аймақты раўажланжырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы усыныс ҳәм режелери ҳаққында есабат берди.

Ж.Раҳимов дәслеп халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматын арттырыў мәселелери бойынша режелерин мәлим етти. Президент бул бағдарда жуўапкерлерге бир қатар тапсырмаларды берди.

Атап айтқанда, 1-июльге шекем шаңарақлық исбилерменлик бағдарламалары ушын берилген 940 миллиард сумға қосымша 100 миллиард сум қаратылады. Хийўа қаласындағы хызмет көрсетиў техникумы ҳәм Шаваттағы Қурылыс кәсип-өнер колледжи имаратында моно-орай шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, жылдың ақырына шекем «кооперация орай»лары Ханқа, Гүрлен, Ҳазарасп ҳәм Қўшкөпирдеги бос турған мәмлекетлик мүлк тийкарында да шөлкемлестириледи. 1-июльге шекем исбилерменлик раўажланған 94 мәҳәлледе микро-орайлар шөлкемлестирилип, ол жердеги жойбарларға және 50 миллиард сум жеңиллетилген кредит қаратылады.

Буннан тысқары:

– 2023-жылы мәҳәллелерге шаңарақлық исбилерменликти алып кириў ҳәм жаңа исбилерменлерди шөлкемлестириў арқалы 57 мың халық;

– жумысты үйге алып ислеў имканияты бар 240 мәҳәлледе мийнет қураллары ҳәм орын мәселесин шешип, 50 мың халық;

– жаңа кәсиплерге оқытып, өзин-өзи бәнт етиў арқалы 28 мың халықтың бәнтлиги тәмийинленеди.

ӨзА