Конституцияныӊ тексти халқымыздыӊ пикир-усыныслары тийкарында еки басқышта үйренилип, соннан кейин оның жойбары таярланды. Алдынлары Конституцияны қабыл етиўде дәслеп жойбары ислеп шығылып, соӊынан халықтыӊ додалаўына қойылатуғын еди.

Биринши басқышта Конституцияныӊ жойбарын қәлиплестириў ушын халқымыз тәрепинен 60 мыӊнан зыят усыныс берилди. Соннан ҳәр төртеўинен биреўи жойбардан орын алды. Екинши басқышта болса жойбар улыўмахалықлық додалаўға қойылды. Ғалаба хабар қураллары, интернет тармақлары арқалы жойбар менен 5 миллионға шамалас халқымыз танысып шығып, 150 мыӊнан аслам усыныс билдирди. Соның менен бирге, мийнет жәмәәтлери, жоқары оқыў орынлары, мәҳәлле белсендилери ҳәм зыялылар менен болып өткен додалаўларда  және 10 мыӊ қосымша усыныс келип түсти.

Конституция жойбарындағы статьялардың саны әмелдеги 128 ден 155 ке, нормалар саны 275 тен 434 ке артты. Яғный, Тийкарғы  нызамымыздыӊ 65 процент тексти халқымыздыӊ усыныслары тийкарында жаӊаланды.

Жаӊа Конституцияныӊ тийкарғы, принципиаллық жаӊалықлары онда Өзбекстан – социаллық мәмлекет деп белгиленбекте. Социаллық, бул – инсанға итибар ҳәм ғамхорлық, дегени. Мәмлекеттиң социаллық тараўдағы миннетлемелерине байланыслы Конституциядағы нормалар 3 есеге көбейтилмекте.

Атап айтқанда, Конституцияда ҳәр кимниң турақ жайлы болыў ҳуқықы белгиленбекте. Ҳеш ким судтың қарарысыз ҳәм нызамға муўапық емес ҳалда турақ жайынан айырылыўы мүмкин емес. Халықтың кепилленген бийпул медициналық хызметлерден пайдаланыўы да жойбарға киргизилмекте.  Социаллық мәмлекетке тән қоллап-қуўатлаўлар  билимлендириў тараўы бойыншада көплеген статья ҳәм нормаларда өз сәўлелениўин таппақта. Соның ишинде, пуқаралардың жоқары оқыў орынларында мәмлекетлик грант есабынан оқыў ҳуқықы, Пуқаралардың бийпул басланғыш кәсип-өнерге оқытылыўы, майыплығы бар балаларымызға өз заманласлары менен бирдей билим алыўы ушын барлық шараят жаратылмақта.

Мәмлекет шаңарақтың толық раўажланыўы ушын социаллық, экономикалық, ҳуқықый ҳәм басқа шараятлар жаратыўы конституциялық жақтан беккемленбекте. Енди, перзент тәрбиясы, оларға билим бериў, бәркамал етип тәрбиялаў да ата-ананың миннети сыпатында белгиленбекте.

Ҳәр кимниң мийнети ушын ҳеш қандай кемситиўлерсиз ҳәм мийнетке ҳақы төлеўдиң белгиленген ең кем муғдарынан аз болмаған түрде әдалатлы мийнет ҳақы алыў ҳуқықы кепилленбекте. Мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары инсанның ылайықлы турмыс дәрежесин тәмийинлеў зәрүрлиги есапқа алынған жағдайда белгилениўи беккемленбекте. Ҳәмледарлығы яки баласы барлығына байланыслы себеплерге бола ҳаялларды жумысқа қабыл етиўден бас тартыў, жумыстан босатыў ҳәм олардың мийнет ҳақысын азайтыў қадаған етилиўи, пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды жумыссызлықтан қорғаў, сондай-ақ кәмбағаллықты қысқартыў илажларын көриўи беккемленбекте.

Ҳәр ким жумыссызлық бойынша социаллық тәмийнат алыў ҳуқықына ийе болып, пенсия, напақа ҳәм басқа социаллық жәрдемлер көлеми ең кем тутыныў қәрежетлеринен аз болыўы мүмкин емеслиги белгилеп қойылмақта.    Жойбарда жаслар мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан – ҳуқықый мәмлекет деп белгиленбекте. Онда инсан ҳуқықлар менен еркинликлерин тәмийинлеў мәмлекеттиң ең жоқары мақсети етип белгиленбекте. Инсанның ҳуқықлар менен еркинликлери нызамларымыздың, ҳәр бир министрлик ҳәм мәкеме жумысының мазмунына айланыўы қатаң талап етип белгиленип,  олар халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормаларына ҳәм усы Конституцияға муўапық кепилленеди. Нызамшылықта белгиленбеген ўазыйпа ҳеш кимге оның келисимисиз жүклениўи мүмкин емеслиги көрсетилмекте.

Сондай-ақ Конституциямызда өлим жазасы бийкар етилип, шахсты судтың қарарысыз 48 сааттан артық мүддетте услап турыў мүмкин емеслиги, адамлардың ҳуқықлары менен еркинликлерин шеклеўге байланыслы барлық ҳәрекетлерге, тек ғана суд қарары тийкарында жол қойылыўы беккемленбекте. Яғный, әдил судлаўды әмелге асырыўда “Хабеас корпус” институты және де  кеңейтиледи.

Парламент палаталарының ўәкилликлери қайта көрип шығылмақта. Сенат алдына қойылып атырған жаңа ўазыйпалардан келип шығып, оны ықшам, халықшыл ҳәм аймақлар мәпин гөзлейтуғын уйымға айландырыў бойынша нормалар нәзерде тутылмақта. Парламенттиң төменги палатасы тәрепинен киргизилген нызамлар Сенатта 60 күн ишинде көрип шығылыўы, мүддет өтип кетсе, усы нызам мақулланған деп есапланыўы ҳәм қол қойыў ушын Президентке жибериў бойынша норма киргизилмекте. Парламенттиң суд ҳәм қадағалаў, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм арнаўлы хызметлер жумысы үстинен қадағалаў функциялары күшейтилмекте.

Олий Мажлис палаталарының биргеликтеги ўәкилликлери де күшейтилип, қадағалаўдың әҳмийетли формасы болған парламент тексериўи институты Конституцияда өз алдына беккемленип қойылмақта. Суд ҳәкимиятының шын мәнисиндеги бийғәрезлигин тәмийинлеў мақсетинде Судьялар жоқары кеңесиниң барлық ағзаларын Сенат тәрепинен сайлаў системасы киргизилмекте. Айырым жоқары лаўазымлы шахслардың лаўазымға сайланыў ямаса тайынланыў мүддети бойынша шеклеўлер белгиленеди. Ҳәкимлердиң халық депутатлары Кеңеслерине басшылық етиў тәртиби басқышпа-басқыш бийкар етиледи.

Жаңа Өзбекстан ҳәм Жаңа Қарақалпақстанды биргеликте қурамыз. Қарақалпақстан халқы тәрепинен барлық усыныслар усы Конституция жойбарында ҳәр тәреплеме есапқа алынды. Аймақтың өзине тән этникалық, мәдений өзгешеликлери, миллий үрп-әдет ҳәм қәдириятлары, айрықша ҳуқықый статусын итибарға алып жаңаланып атырған Конституцияда Қарақалпақстанның мәмлекетлик дүзилиси ҳәм сиясий системасына байланыслы бирде-бир статья өзгермеди.

Соның менен бирге, Конституцияның жаңаланып атырғанлығын есапқа алып, тек ғана статьялардың тәртип саны өзгерген. Алдынғы 70-75-статьялар жойбарда тийислисинше 85-90-статьялар сыпатында келтирилмекте. Себеби, Конституцияның статьялары 27 ге көбейип, ҳәзирги ўақытта 155 ти қурамақта. Арал мәселеси Конституция дәрежесине алып шығылды. Мәмлекет Аралбойы регионының экологиялық системасын қорғаў ҳәм тиклеў, регионды социаллық ҳәм экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша илажлар көреди.

 

З.ХАСАНОВА,

Нѳкис районлар аралық

Экономикалық суды баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги