Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Халықтың сатып алыў қәбилетин беккемлеў, тийкарғы түрдеги азық-аўқат ҳәм тутыныў өнимлерине болған талапты тәмийинлеў, товарлар тәмийнатының глобаллық шынжырларын диверсификациялаў ҳәм инфляция дәрежесин тоқтатыў мақсетинде:

  1. 2024-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы аймағында алып кириўде бажыхана бажысының нольлик ставкасы қолланылатуғын товарлардың дизими 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-майдағы «Тутыныў базарларында баҳалардың турақлылығын тәмийинлеўге ҳәм монополияға қарсы илажлардың тәсиршеңлигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-145-санлы пәрманында:

1-бәнттеги ҳәм 1-қосымшаның аталыўындағы «2023-жыл 1-июльге шекем» сөзлери «2024-жыл 1-январьға шекем» сөзлери менен алмастырылсын;

4-бәнттеги «2023-жыл 1-январьға шекем» сөзлери «2024-жыл 1-январьға шекем» сөзлери менен алмастырылсын.

  1. Министрлер Кабинети (Ж.Ходжаев) бир ай мүддетте:

мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин республика аймағына алып кириўде мәмлекетлик қадағалаўдан өткериў процесиниң нәтийжелилигин арттырыў және оның қәўпин таллаў принципи тийкарында жолға қойыў;

импорт етиўде бажыхана бажысының нольлик ставкасы қолланылатуғын күнделикли тутыныў товарларының дизимин кеңейтиў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин.

  1. Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы пәрманның орынланыўын қадағалаў Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Ходжаевқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 23-март