Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 23-март күни азық-аўқат өнимлерин көбейтиў, бәҳәрги егис мәўсимин нәтийжели шөлкемлестириў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Азық-аўқат тәмийнаты халықтың абаданлығында ҳәм инфляцияны тоқтатыўда ең әҳмийетли факторлардан бири. Кейинги жылларда азықлық өнимлер жетистириўге  200 мың гектар жер ажыратылғаны ҳәм 500 мың гектар қосымша жерлер пайдаланыўға киргизилгени ишки базарда баҳаны турақлы сақлаўға хызмет етип атыр.

Халық дастурханы мол болыўы ушын мәмлекетимиз басшысының пәрманы менен 2024-жыл 1-январьға шекем 35 түрдеги азық-аўқат өнимлерине бажылардан жеңиллик берилди. Буннан тысқары, 1-майдан социаллық реестрге кирген халыққа мал, қой ҳәм қус гөши, мәйек ҳәм өсимлик майын сатып алса, қосымша қун салығы қайтарылады. Бул арқалы 2 миллионнан аслам шаңараққа жеңиллик болады.

Дүньяда соңғы еки жылда азық-аўқат инфляциясы жылына 15-20 проценттен төменлемей атыр. Өсимлик майы, сүт ҳәм гөштиң баҳасы кейинги 30 жылдағы ең жоқары дәрежеге көтерилген. Транспортта тасыў, төгин ҳәм жанылғы қәрежетлериниң артып кеткени де азық-аўқаттың баҳаларына өз тәсирин көрсетип атыр.

Таллаўларға қарағанда, бул жағдай 2023-жылы да келеси жылларда да сақланып қалды. Сол себепли азық-аўқат өнимлерин көбейтиў, адамларды бәнт етиў бойынша қосымша имканиятлар табыў керек.

Мәжилисте аймақлардағы мине усындай имканиятлар талланып, оларды иске қосыў илажлары белгиленди.


– Азық-аўқат жетистириў ушын барлық шараят жаратып берилди. Басқа қосымша жер бериўдиң илажы жоқ. Енди илим, мийнет ҳәм нәтийжели технологиялар менен өнимдарлықты арттырыў керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Өткен жылы азық-аўқат жетистириўге жеңиллетилген кредитлер ажыратыў, туқым, нәл, төгин ҳәм өним сатып алыўды тиккелей қаржыландырыўға жол қойылғаны жақсы нәтийже берген еди. Усы жылы бул мақсетке 6 триллион 200 миллиард сум қаржы ажыратылатуғыны белгиленди.

Соның ишинде, Аўыл хожалығы қорынан мийўе-овощ жетистириўге айланыс қаржылар ушын 700 миллиард сум қаратылады.

Аўыл хожалығы министрлиги 130 миллион доллар қаржыны исбилерменлерге тиккелей ажыратады. Буның ушын исбилерменлер өз жойбарларын министрликтиң ашық электрон платформасы арқалы усынады. Ажыратылған кредиттиң 20 проценти алдыннан, қалған 80 проценти 10 жыл даўамында бөлип-бөлип төленеди. Бунда «банк үстемеси» болмағаны себепли кредит проценти де арзан болады.


Сондай-ақ, JICA тәрепинен азық-аўқат жетистириў ҳәм қайта ислеўге 200 миллион доллар ажыратылып атырғаны атап өтилди.

Бул қаржылардан нәтийжели пайдаланып, жаңа бағлар жаратыў зәрүрлиги атап өтилди.

Аўыл хожалығын санаатластырыў, адамларды жумыс пенен тәмийинлеў бағдарындағы имканиятлар да көрсетип өтилди. Мәселен, пилле бир айда ең тез таяр болатуғын дәраматлы өним. Бирақ, районларда бул бойынша жойбар аз.

Сол себепли, халыққа жақын суўғарылмайтуғын ҳәм жайлаў майданларын өзлестирип, пилле кластерлерин шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды. Бул жерлер Вьетнам тәжирийбеси тийкарында адамларға 1-2 гектардан ҳәм тут, ҳәм азық-аўқатлық егинлер егиў ушын бериледи. Нәтийжеде тармақта 2 миллион халықты бәнт етиў ҳәм 600 миллион доллар қосымша экспорт имканияты пайда болады.


Және бир пайдаланылмай атырған дәрек – атыз ҳәм коллектор-дренажлар әтирапындағы жерлер. Бундай жерлерди анықлап, фермер хожалығы жумысшылары ҳәм мүтәж халыққа ижараға бериў мүмкин екени айтылды.

Мәжилисте аўыл хожалығын техника менен тәмийинлеў мәселесине де тоқтап өтилди.

Бүгинги күнде кластер, фермер ҳәм дийқанлардан 11 мыңға шамалас техника ҳәм агрегатларға талап қәлиплестирилген. Сол себепли 1-апрельден жергиликли ислеп шығарылған барлық техникаларды сатып алыўы ушын 15 процент субсидия берилетуғын болды. Импорт етилген техникалар ушын үш жыл мүддетке бажыхана бажы ҳәм утилизация жыйымынан азат етиледи, олар бойынша қосымша қун салығын кешиктирип төлеўге рухсат бериледи. Техника сатып алыўы ушын 10 жыл мүддетке 10 процентлик кредитлер ажыратылады. Жуўапкерлерге оны қаржыландырыў бойынша тапсырма берилди.

Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигине көп импорт етилип атырған 25 түрдеги азық-аўқат өнимлерин елимизде ислеп шығарыў бойынша жойбарларды көбейтиў ўазыйпасы қойылды. Экономикалық қуралларды қолланып, дийқанлар ҳәм исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша тармақ ҳәм аймақлар басшыларының есабатлары, исбилерменлердиң пикирлери тыңланды.

ӨзА