Өзбекстан делегациясы БМШтың тарийхый конференциясына қатнасты

22-24-март күнлери Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Нью-Йорк қаласындағы бас резиденциясында дүзилмениң Суў мәселелери бойынша конференциясы өткерилмекте. Онда 2030-жылға шекем Турақлы раўажланыў мақсетлери жолында суў арқалы дүньяны бирлестириў, планетамыздың абаданлығында теңиз ҳәм океанлардың әҳмийети, бул бағдардағы глобал басламалар БМШға ағза барлық мәмлекетлер, қәнигелескен уйымлар тәрепинен абырайлы спикерлердиң қатнасыўында көрип шығылмақта.

Халықаралық жәмийетшилик 45 жыллық тәнепистен соң биринши мәрте бундай конференцияда топланды. Себеби мәселе оғада әҳмийетли: 2050-жылға барып планетамыз халқының 5 миллиард адамы суў тамтарыслығынан қыйналыўы мүмкин. Өзбекстанның да бул бағдарда айтар сөзи ҳәм усыныслары, салмақлы тәжирийбеси бар. Себеби үлкенлиги бойынша өз ўақтында дүньяда 4-орында болған Арал теңизи Өзбекстанда жайласқан ҳәм оның бүгинги тәғдири тек ғана бизге емес, ал пүткил халықаралық жәмийетшиликке тийисли мәселе.

Қалаберди, соңғы жыллары Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәмме ўақыт Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң жоқары дәрежедеги мәжилислеринде қатнасып, мине, усы машқаланы көтерди ҳәм бул бағдарда әҳмийетли басламаларды алға қойды.

Конференция жумысында структураға ағза 198 мәмлекет қатарында Өзбекстан делегациясы да қатнаспақта.

23-март күни конференциясының жоқары дәрежедеги жалпы мәжилисинде мәмлекетимиз делегациясының ағзасы Саида Мирзиёева шығып сөйлеп, БМШ минберинен Арал теңизи апатшылығының ақыбетлери, оларды жумсартыў бойынша Өзбекстан тәрепинен әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар ҳәм бул бағдардағы халықаралық ҳәрекетлерди бирлестириўде мәмлекетимиздиң жетекшилиги ҳаққында сөз болды.

Саида Мирзиёева Аралбойындағы Мойнақ алдын ири өндирис қуўатлықларына ийе порт қала болғаны, кейин теңсалмақлық бузылып, теңиздиң өли жағыслары кемелер қойымшылығына айланғанын атап өтип, қарақалпақ елиниң атақлы шайыры Ибрайым Юсуповтың дөретиўшилигинен теңиздиң көзди ашып жумғанша шөлистанлыққа айланыўы сүўретленген қатарларды оқып берди.

– Арал теңизиниң кризиси инсанияттың қоршаған орталыққа итибарсызлығы ақыбетлери ҳаққында қорқынышлы еслетпе болып табылады. Бирақ, ғамхор адамлардың ҳәрекетлери себепли ол және үмит ҳәм жаңаланыў тымсалына айланбақта,-деди Саида Мирзиёева.

Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен алға қойылған басламалар халықаралық дәрежеде қоллап-қуўатланып, 2021-жылы БМШ Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар зонасы деп жәриялаў ҳаққындағы резолюция қабыл етилгени, сәл алдынрақ – 2018-жылы Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарындағы траст фондына тийкар салынғаны атап өтилди.

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында сөз болғанда, регионды қаржыландырыў, экономикалық потенциалын арттырыў, тийкарғысы, сабыр-тақатлы қарақалпақ елиниң саламатлығын тиклеў, аймақта жасыл бағларды жаратыў ушын 14 миллион доллардан артық қаржы ажыратылғаны айтылды.

Апатшылық ақыбетлерин тиккелей өзиниң басынан өткерип атырған Қарақалпақстан халқының мәртлиги, мийнетсүйгишлиги, дөретиўшилиги айрықша атап өтилди. Регионның аўыр шараятында, әсиресе, ҳаял-қызлар күшли ғамхорлық ҳәм жәрдемге мүтәжлиги, олар ушын имканиятларды кеңейтиў зәрүр екенлигине итибар қаратылды.

Сөзиниң жуўмағында Саида Мирзиёева халықаралық жәмийетшиликти глобал суў мәселелери менен тығыз байланыслы болған Арал апатшылығы ақыбетлерин жумсартыўда Өзбекстанның ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлаўды даўам еттириўге шақырды.

22-март күни БМШтың Суў мәселелери конференциясы шеңберинде Өзбекстан Министрлер Кабинети жанындағы Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорының басламасы менен шөлкемлестирилетуғын Aral Culture Summit – Арал мәденият саммити жойбарының презентациясы өткерилди. Бул жергиликли ҳәм халықаралық жәмийетшилик, жетекши илимпазлар, архитекторлар, художник ҳәм дизайнерлерди бирлестиретуғын жаңа институт.

Арал мәденияты саммити шеңберинде жас әўладты региондағы жағдайды жақсылаўға үлес қосатуғын көнликпелерди қәлиплестириўге шақыратуғын билимлендириў ҳәм алмасыў бағдарламалары, стипендиялар ҳәм стажировкалар шөлкемлестириледи.

Сондай-ақ, саммит шеңберинде биодизайн ферма-лабораториясы шөлкемлестириледи. Жойбар шеңберинде регионды суў менен тәмийинлеў, жаңа егин түрлерин жаратыў, сондай-ақ, аймақта шорланыўды азайтыў бойынша ҳәр қыйлы технологиялар үйрениледи ҳәм ислеп шығылады.

Саммит дөретиўшилерди жергиликли фермерлер менен бирлестирип, жаңа өсимликлер жетистириў ушын биодизайн тараўында турақлы байланысларды орнатыўы ҳәм сол арқалы келеси 10 жылға мөлшерленген стратегиялық режени ислеп шығатуғыны мәлим етилди. Бул жергиликли жәмийетшиликте үлкен өзгерислер ушын тийкар жаратады.

Болажақ саммиттиң мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети конференция шеңберинде өткен «Суў бирге ислесиў ушын: суў ресурслары тараўында трансшегаралық ҳәм халықаралық бирге ислесиў, суў тараўындағы тармақлар аралық, соның ишинде, илимий байланыслар ҳәм 2030-жылға шекем Турақлы раўажланыў күн тәртибиниң суўға байланыслы мақсетлерине ерисиў» темасындағы сессияда ҳәм қор тәрепинен халықаралық экспертлер қатнасыўында шөлкемлестирилген «Көркем өнерден – ҳәрекетке: Аралбойы регионының қайта тиклениўи ушын шөлистанлықты тоғайға айландырыў» темасындағы панель додалаўында толық ашып берилди.

Сондай-ақ, БМШ конференциясында қатнасыў тийкарында Нью-Йорк қаласында АҚШтағы ўатанласларымыз бенен ушырасыў болып өтти. Онда Нью-Йорк мэри Эрик Адамс та қатнасты.

Саида Мирзиёева жыйналғанларды Наўрыз байрамы менен қутлықлады, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған үлкен реформалар ҳаққында айтып берди.

Қызғын сөйлесиўде ўатанласларымыз ана журты менен байланысларын үзбей киятырғаны, мәмлекетимизде болып атырған өзгерислерди үлкен қызығыўшылық пенен бақлап атырғаны, ҳәр қыйлы жойбарларды әмелге асырыў арқалы Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы мәдений, сиясий ҳәм экономикалық қатнасықларды беккемлеўге үлес қосып атырғаны ҳаққында сөз болды.

ӨзА