Тахтакөпир районы әдиллик бөлимине пуқара А.К.тәрепинен жолланған мүрәжат унамлы шешимин тапты.

–Ҳәр бир мүрәжатта пуқараның әмелге асырылмаған арзыў-үмити, ҳуқықының шеклениўи ямаса басқа да наразылықлары болады, – дейди районлық әдиллик бөлиминиң баслығы Aхмет Aлламуратов.–Районда жасаўшы A.К. өз мүрәжатында 1995-жылдан 2022-жылға шекем республика оба профилактикалық орайы Қарақалпақстан Республикасы филиалы Тахтакөпир районы бөлиминде түрли лаўазымларда ислегенлиги, бирақ, бюджеттен тысқары пенсия қоры Тахтакөпир районы бөлими бул бойынша жумыс орнының  аттестациядан өткерилмегенлиги ушын зыянлы ҳәм аўыр жумыслардың қатарына киргизилмегенлигин билдирип, жеңилликли жасқа байланыслы пенсияға шығарыўдан бас тартқанлығы бойынша әмелий жәрдем сораған.

Мәлим болғанындай, пуқара бюджеттен тысқары пенсия қоры районлық бөлимине жеңилликли жасқа байланыслы пенсияға шығыў ушын мүрәжат еткенлиги, бирақ, комиссияның қарарына муўапық, жеңилликли пенсия алыў ҳуқықын бериўши айырым ислеген дәўирлери бойынша жумыс орны аттестациядан өткерилмегенлиги себепли, пуқараға жеңилликли пенсия тайынлаўдан бас тартылған.

Өзбекстан Республикасының “Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында”ғы Нызамында улыўма белгиленген жасты 10 жылға қысқартқан ҳалда жеңилликли пенсия алыў ҳуқықына мийнет шараяты жүдә зыянлы ҳәм оғада аўыр жумысларда толық жумыс күни бәнт болған хызметкерлер-ҳаяллар мийнет стажы кеминде 20 жыл болып, соннан кеминде 10 жылы көрсетип өтилген жумысларға туўра келген жағдайда ийе болыўы белгиленген.

Негизинде, Өзбекстан Республикасы Жоқары суды пленумының 2017-жыл 29-ноябрь  күнги “Мәмлекетлик пенсия тәмийнаты менен менен байланыслы ислер бойынша суд әмелияты ҳаққында”ғы қарарына муўапық, жумыс орынларының  аттестациядан өткерилгенлиги туўралы ҳүжжетлер болмаған жағдайда, жүдә зыянлы ҳәм оғада қәўипли мийнет шараятында ислегенлик фактын белгилеў ҳаққындағы жумыслар судта көрилиўи мүмкин.

Усыған тийкарланып әдиллик бөлими тәрепинен пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлар аралық судына пуқара А.К.ның 1995-жылдан 2022-жылға шекемги зыянлы ҳәм жүдә аўыр жумыста ислегенлик фактын белгилеп бериў бойынша арза киргизилди. Нәтийжеде судтың шешиўши қарары менен пуқараның зыянлы ҳәм жүдә аўыр жумыста ислегенлик факты тастыйықланды. Усы тийкарда пуқараға  жеңилликли  пенсия тайынланатуғын болды

Қарақалпақстан хабар агентлиги