Айлардың султаны, пазыйлетли Рамазан айында кемкеўил инсанларға жәрдем қолын созыў, жасы үлкенлердиң ҳал-жағдайларынан хабар алыў, жасы кишилерге қайырқомлық көрсетиў ең саўаплы әмеллердиң бири болып есапланады.

Қанлыкөл районындағы «Айдос Дүзелбаев» фермер хожалығының ағзалары да Рамазан айында саўаплы ис ислеў мақсетинде, Бостан аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы 12 балаға жаңа велосипедлер саўға етти.



Илажда район прокуроры Мырзамурат Тилеўмуратов, районлық Халық билимлендириў бөлиминиң баслығы Мурат Даўылбаевлар қатнасып, аўыл балаларына қайырқомлық көрсетип атырған фермер хожалығы баслығы Айбек Дүзелбаевқа аймақ халқы атынан терең миннетдаршылық билдирди.

Итибарлы тәрепи сонда фермердиң берген бул саўғасы арқалы алыс аўыллардың балалары оқыўға ҳәм пән дөгереклерине қатнаўына жеңиллик жаратып берилди. Аўыл балалары да фермерге өз рахметлерин айтып, келешекте елимизге белгили оқымыслы қәнигелер болып жетилисетуғынлығын билдирди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы