Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Халыққа ҳәкимшилик жәриймаларды төлеўде қосымша қолайлықлар жаратыў ҳәм жәрийма жүгин азайтыў, қолланылған жәриймаларды орынлаў системасын және де әпиўайыластырыў, сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлардың халық пенен қатнасықларында артықша бюрократиялық тосқынлықларды ҳәм коррупциялық факторларды сапластырыў мақсетинде:

  1. 2023-жыл 1-майдан баслап ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар бойынша қолланылған жәрийманы еркин төлеў системасы және де әпиўайыластырылсын. Оған бола:

ҳуқықбузар оған жәрийма салыў ҳаққындағы қарар тапсырылған күннен баслап он бес күн ишинде жәрийма муғдарының 50 процентин, отыз күн ишинде 70 процентин еркин түрде төлеген жағдайда, ол жәрийманың қалған бөлегин төлеўден азат етилсин;

бул тәртип суд қарарларына тийкарланып қолланылатуғын жәриймаларға да қолланылсын.

Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте усы бәнтте нәзерде тутылған талаплардан келип шығып, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына тийисли нызам жойбарын белгиленген тәртипте киргизсин.

  1. Суд ҳәм басқа уйымлардың ҳүжжетлерин мәжбүрий орынлаў тараўында өз мәпине пайдаланыўлардың алдын алыў сондай-ақ, пуқара ҳәм исбилерменлерди қыйнап атырған машқалаларды шешиў мақсетинде:

Мәжбүрий орынлаў бюросы тәрепинен қолланылатуғын ҳәкимшилик жәрийманың муғдары орынлаў ҳүжжетинде өндирилиўи белгиленген суммадан жоқары болыўы мүмкин емес екенлиги;

Мәжбүрий орынлаў бюросының атынан ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди көрип шығыўға сондай-ақ, ҳәкимшилик жаза қолланыўға тек ғана Өзбекстан Республикасының Бас мәмлекетлик атқарыўшысы, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының бас мәмлекетлик атқарыўшылары, олардың орынбасарлары, сондай-ақ, Мәжбүрий орынлаў бюросының район (қала)лық бөлимлериниң баслықлары ҳақылы болып есапланатуғыны белгиленсин.

Бас прокуратура бир ай мүддетте усы бәнтте нәзерде тутылған талаплардан келип шығып, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына тийисли нызам жойбарын белгиленген тәртипте киргизсин.

  1. Жоқары суд, Ишки ислер министрлиги ҳәм Әдиллик министрлигиниң судланғанлық мүддетиниң тамамланыўы ҳәм оны алып таслаў бағдарында бюрократия ҳәм немқурайдылық жағдайларына шек қойыў сондай-ақ, ескирген ҳәм заман талапларына сәйкес келмейтуғын тәртип-қағыйдаларды түп-тийкарынан қысқартыў мақсетинде тараўға проактив түрдеги мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў принциплерин енгизиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Сондай тәрип орнатылсын, оған муўапық 2023-жыл 1-сентябрьден баслап:

а) судланғанлық мүддетиниң өтип кеткенлиги ямаса судланғанлықтың алып тасланыўы ҳаққындағы мағлыўматлар Ишки ислер министрлигиниң «Оператив мағлыўматлар» бирден-бир мәлимлеме системасында автоматикалық түрде онлайн қәлиплестириледи;

б) судланғанлық мүддетиниң өтип кеткенлиги ямаса судланғанлықтың алып тасланғанлығы ҳаққындағы мағлыўматнама судланыў мүддети тамамланған ямаса судланыў алып тасланған сәнениң ертесинен кешиктирместен тийисли шахстың Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталындағы жеке кабинетине автоматикалық түрде бийпул жибериледи.

Ишки ислер министрлиги Жоқары суд, Бас прокуратура ҳәм Санлы технологиялар министрлиги менен биргеликте 2023-жыл 1-июльге шекем усы бәнттиң орынланыўын тәмийинлеўге байланыслы барлық зәрүр илажларды көрсин.

Онда, соның ишинде, «Электрон жынайый-ҳуқықый статистика» бирден-бир мәлимлеме системасында төмендеги мағлыўматлар автоматикалық түрде сәўлелендирилиўин тәмийинлеў жолға қойылсын:

Жоқары суд ҳәм Ишки ислер министрлигиниң мәлимлеме системаларын өз-ара интеграциялаў арқалы судта еркин төленген жәриймалар, суд қарарларын орынлаўда пайда болатуғын мәселелерди шешиўге байланыслы материаллардың көрилиўи ҳаққындағы мағлыўматлар;

Мәжбүрий орынлаў бюросы ҳәм Ишки ислер министрлигиниң мәлимлеме системаларын өз-ара интеграциялаў арқалы өндирилген жәриймалар ҳаққындағы мағлыўматлар;

«Пробация есабы» электрон базасы менен «Электрон жынайый-ҳуқықый статистика» бирден-бир системасын өз-ара интеграциялаў арқалы пробация есабынан азат етилген шахслар ҳаққындағы мағлыўматлар.

  1. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип ишки ислер министри П.Р.Бабажанов, Жоқары суд баслығы Б.Д.Исламов ҳәм Бас прокурор Н.Т.Йўлдошев белгиленсин.

Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы С.У.Умурзаковқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                           Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 23-март