Тәбияттың ояныўы ҳәм жаңаланыўынан дәрек бериўши, шығысқа тән жаңа жыл басланыўын аңлататуғын Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына сырт мәмлекетлер ҳәм ҳүкиметлер, жетекши халықаралық шөлкемлердиң басшылары, белгили дин ҳәм жәмийетлик ғайраткерлеринен Өзбекстанның көп миллетли халқына тынышлық-парахатшылық, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеклери билдирилген қутлықлаўлар келмекте.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Президент Мырза!

Өзбекстанның миллий байрамы – Наўрыз байрамы менен Қытай ҳүкимети ҳәм халқы және жеке өзимниң атымнан Сизди ҳәм Өзбекстан халқын қызғын қутлықлаўдан оғада қуўанышлыман.

Өткен жылы сентябрь айында Өзбекстанға әмелге асырған мәмлекетлик сапарым ўақтында болып өткен дослық ҳәм нәтийжели сөйлесиўлеримиздиң нәтийжеси мәмлекетлеримиздиң стратегиялық бирге ислесиўин және де раўажландыратуғын, халықларымыздың мәпине хызмет ететуғын биргеликтеги билдириў қабыл еттик, мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиў байланысларын кеңейтиў перспективаларын белгилеп алдық.

Мен Қытай – Өзбекстан қатнасықларын раўажландырыўға үлкен итибар қаратаман. Сизиң усы жылдың май айына режелестирилген дәслепки «Қытай – Орайлық Азия» саммитинде қатнасыўыңызды ҳәм Қытайға мәмлекетлик сапарыңызды күтип қаламан.

Сиз бенен биргеликте Қытай – Орайлық Азия қатнасықлары перспективаларын ҳәм мәмлекетлеримиздиң еки тәреплеме бирге ислесиўге байланыслы үлкен режелерди додалаўымыз Өзбекстан – Қытай бирге ислесиўин және де жоқары дәрежеге көтеретуғынына исенимим кәмил.

Пурсаттан пайдаланып, Сиз Уллы Мәртебелиге беккем денсаўлық, жуўапкершиликли жумысыңызда үлкен жетискенликлер тилеймен.

Дос Өзбекстан халқына бахыт ҳәм абаданлық ҳәмийше яр болсынӘ

Ҳүрмет пенен,

Си ЦЗИНЬПИН,

Қытай Халық Республикасы Баслығы

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Президент Мырза!

Америка халқы атынан Сизге ҳәм Өзбекстан халқына Наўрыз байрамы мүнәсибети менен ең жақсы тилеклеримизди жолламақтаман.

Өткен жыл даўамында Өзбекстан ҳәм Америка Қурама Штатлары улыўма машқалаларды шешиў, халықларымыздың қәўипсизлиги ҳәм абаданлығын тәмийинлеў мақсетинде бирлести.

Бул ояныў ҳәм жаңаланыў мәўсиминде Қурама Штатлар Өзбекстан халқына садықлығын және бир мәрте тастыйықлайды. Усы күнлерде жаңа шеклерди белгилеп, беккем тынышлық ҳәм өз-ара түсинисиў руўхындағы улыўма келешекке қарай ҳәрекетлеримизди даўам еттирер екенбиз, мен мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм халықларымыздың дослығы және де беккемленетуғынына исенемен.

Наўрыз мүбарек!

Ҳүрмет пенен,

Жозеф БАЙДЕН,

Америка Қурама Штатлары Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Сизге ҳәм пүткил Өзбекстан халқына қызғын қутлықлаўларым ҳәм ең жақсы тилеклеримди қабыл еткейсиз.

Туўысқан халықларымыз әзелден бул байрамды үнлеслик ҳәм аўызбиршилик салтанаты, шексиз жәрдем ҳәм бахыт-ығбал рәмзи сыпатында айрықша қуўаныш пенен белгилейди. Наўрыздың пайызлы кеўиллеримизге жыллылық бағышлап, күнлери дос мәмлекетлеримизге абаданлық ҳәм қут-берекет алып келсин.

Биргеликтеги ҳәрекетлер менен беккем дослық ҳәм жақсы қоңсышылыққа тийкарланған Қазақстан – Өзбекстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлығы буннан былай да туўысқан халықларымыздың абаданлығы жолында жедел раўажланып баратуғынына исенемен.

Бул имканияттан пайдаланып, ҳүрметли Шавкат Миромонович, Сизге Өзбекстанның айдын келешеги ҳәм раўажланыўы жолында баслаған барлық жумысларыңызда табыслар, халқыңызға болса аманлық ҳәм абаданлық тилеймен.

Наўрыз ҳәр бир шаңараққа молшылық ҳәм бахыт келтирсин!

Ҳүрмет пенен,

Қасым-Жомарт ТОҚАЕВ,

Қазақстан Республикасы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Наўрыз байрамы менен Сизди қызғын қутлықлайман.

Жаңа жыл басланыўының белгиси, тынышлық ҳәм аўызбиршиликке шақыратуғын Наўрыз әййямы туўысқан халықларымызға берекет ҳәм абаданлық келтирсин.

Усы жылы мәмлекетлеримиз ушын раўажланыў жылы болатуғынына исенемен. Қырғызстан ҳәм Өзбекстан арасындағы уқсас руўхый қәдириятлар, дослық ҳәм стратегиялық шерикликке тийкарланған көп тәреплемели қатнасықлар избе-из раўажлана берсин.

Ҳүрметли Шавкат Миромонович, Сизге беккем денсаўлық, мәмлекетлик жумысыңызда табыслар, туўысқан Өзбекстан халқына болса тынышлық-парахатшылық ҳәм айдын келешек тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Садир ЖАПАРОВ,

Қырғыз Республикасы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Наўрыз халықаралық байрамының кирип келгени мүнәсибети менен жақсы тилеклеримди билдирип, Сизди ҳәм елиңиздиң дос халқын қызғын қутлықлайман.

Бул ески байрамның дөретиўшилик руўхы ҳәм руўхый тамырлары бүгинги заманда айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Наўрызға тән болған дослық, өз-ара түсинисиў, ҳүрмет ҳәм жәрдем дәстүрлери бизди тынышлықты және де беккемлеўге, халықларымыздың абадан турмысы ҳәм келешегин тәмийинлеўге биргеликтеги ҳәрекетлеримизди қаратыўға шақырмақта.

Исенимим кәмил, мәмлекетлеримиз жаңа арзыў-нийетлер менен Наўрыздың мәңгилик қәдириятларына әмел еткен ҳалда, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық шеңберинде жақсы көңсышылық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў қатнасықларын буннын былай да кеңейтип барады ҳәм раўажландырады.

Бәҳәрдиң бул қуўанышлы күнлеринде Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, беккем денсаўлық ҳәм табыслар, дос Өзбекстан халқына болса тынышлық-парахатшылық, абаданлық ҳәм турақлы раўажланыў тилеп қаламан.

Наўрыз мүбәрек!

Ҳүрмет пенен,

Эмомали РАҲМОН,

Тәжикстан Республикасы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Сизге ҳәм туўысқан Өзбекстан Республикасы халқына Наўрыз халықаралық байрамы мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларым ҳәм ең жақсы тилеклеримди жоллаў мен ушын мақтаныш.

Тәбияттың ояныў, жаңаланыў ҳәм дөретиўшилик дәрекшиси болған Наўрыз өзинде улыўмаинсаныйлық қәдириятлар – тынышлықты сүйиў, инсаныйлық ҳәм жақсы қоңсышылықты жәмлейди. Улыўма мийрасымыз болған бул байрам халықларымызды жақынластырыўда әҳмийетли орын ийелейди ҳәм мәмлекетлеримиз арасындағы исенимли қатнасықлардың беккемлениўине хызмет етеди.

Бул пайызлы байрам Сизге ҳәм елиңиздиң пүткил халқына қуўаныш, бахыт-ығбал ҳәм абаданлық алып келсин

Терең ҳүрмет пенен,

Сердар БЕРДИМУҲАМЕДОВ,

Түркменстан Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Сизди ҳәм туўысқан Өзбекстан халқын өзимниң атымнан ҳәм Әзербайжан халқының атынан кирип келген Наўрыз байрамы менен қутлықлайман.

Тәбияттағы мәңги үнлесликти билдириўши бул миллий байрам халықларымыздың инсаният мәдениятына қосқан баҳалы үлеси болып есапланады. Жаңаланыў, жасарыў ҳәм гөззаллық белгиси болған бул әййям қәлиблерди нурға толтырып, өз-ара түсинисиў, дослық ҳәм аўызбиршиликти жырлайды.

Сизиң 2023-жыл 1-3-март күнлери Әзербайжанға, Баку қаласына Қосылмаў ҳәрекети Қарым-қатнас топарының COVID-19ға қарсы гүресиў бойынша саммитинде қатнасыў ушын әмелге асырған сапарыңызды жоқары қәдирлеймен, өз-ара исеним руўхында болып өткен ушырасыўымызды қанаатланыўшылық пенен еслеймен.

Бай руўхый мийрасқа ийе туўысқан халықларымыздың абаданлығы жолында сондай-ақ, шериклигимиз ҳәм аўызбиршилигимизди қәстерлеп сақлаў, бәрқулла беккемлеп барыў мақсетинде биргеликтеги ҳәрекетлеримизди даўам еттиретуғынымызға исенемен.

Усы қутлы күнлерде Сизге ҳәм шаңарағыңызға беккем денсаўлық ҳәм бахыт-ығбал, дос Өзбекстан Республикасының раўажланыўы жолындағы жоқары мәмлекетшилик жумысыңызда табыслар тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Илҳом АЛИЕВ,
Әзербайжан Республикасы Президенти

***

 

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ассалаўма әлейкум ва раҳматуллоҳи ва баракотуҳу,

Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Сиз, Уллы мәртебели мырзаға қызғын қутлықлаў ҳәм тилеклеримизди жоллаўдан оғада қуўанышлымыз.

Пурсаттан пайдаланып, Алла тааладан Сиз, Уллы мәртебели мырзаға саў-саламатлық ҳәм бахыт-ығбал, туўысқан Өзбекстан халқына раўажланыў ҳәм абаданлық тилеп қаламыз.

Уллы мәртебели мырза, Сизге болған жоқары ҳүрметимди қабыл еткейсиз.

Салмон бин Абдулазиз Ол САУД,
Саудия Арабстаны Патшасы

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Тәбияттың ояныўы ҳәм ҳижрий-шамсий 1402-жылдың басланыўы, әййемги Наўрыздың кирип келиўи мүнәсибети менен Сиз, Уллы мәртебели мырза ҳәм мәмлекетиңиздиң әзиз халқын шын кеўилден қутлықлаўдан оғада қуўанышлыман.

Бәҳәр ана жер ҳәм тәбияттың өзгериў ўақыты, жаңаланыў ҳәм қайта жанланыў пасылы, ақыл-ой ийелериниң барлық әлемниң уллы тәбийғый жилўаларынан бирин пикирлеўи арқалы өз Алласының жамалын көриўге умтылысларынан бир белги болып есапланады. Бир неше мың жыллық тарийхқа ийе болған бай мәденият ҳәм цивилизация белгиси ҳәм меҳир-муҳаббатқа толы тарийхый-мәдений дәстүр болған Наўрыз болса ышқ-муҳаббатты еске салыўшы, жасыллық ҳәм пәкликтен хабар бериўши, қәлиблерди оятыўшы сондай-ақ, Жаратқанның күш-қүдиретинен белги бериўши бир ҳәдийсе болып есапланады.

Қутлы Наўрыз шарапаты менен адамларымызда ҳәм олардың кеўиллеринде үлкен өзгерислер жүз береди. Наўрыздан тамыр жайған әзелий тарийхый-мәдений уқсаслықлар жәрдеминде мәмлекетлеримиз арасындағы өз-ара дослық қатнасықларды раўажландырыў ҳәм тереңлестириў арқалы халықларымыздың раўажланыўы ҳәм абаданлығы жолында қәдем таслаймыз, деп үмит етемен. Бул бағдарда Иран Ислам Республикасы регионда ҳәм дүньяда тынышлық пенен турақлылықты беккемлеў мақсетинде Наўрыз мәдений регионының барлық мәмлекетлери менен және де көбирек бирге ислесиўге таяр.

Алладан Сиз, Уллы мәртебели мырзаға денсаўлық ҳәм табыс, дос Өзбекстан халқына болса бахыт-ығбал ҳәм абаданлық бериўин сорап, жаңа жылдың ҳәмме ушын жақсылық ҳәм берекетке толы жыл болыўын тилеп қаламан.

Иброҳим РАИСИЙ,
Иран Ислам Республикасы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ассалаўма әлейкум ва раҳматуллоҳи ва баракотуҳу,

Сиз, Уллы мәртебели мырзаға өз сәлемлеримизди ҳәм қызғын тилеклеримизди қанаатланыўшылық пенен жоллап, Сизге әўмет ҳәм табыслар тилеймиз.

Наўрыз байрамы мүнсибети менен Алла Тааладан бул жылды жақсылық, берекет жылы болыўын, дос елиңиздиң ҳәм халқыңыздың раўажланыўы жолында ислеп атырған барлық ҳәрекетлериңиздиң әмелге асыўын сондай-ақ, Сизге узақ өмир ҳәм бахыт-ығбал бериўин сорап қаламыз.

Байрамыңыз мүбәрек болсын!

Қызғын ҳүрмет пенен,

Шайх Муҳаммад бин Рошид Ол МАКТУМ,
Бирлескен Араб Әмирликлери Вице-президенти, Бас министри,

Дубай әмирлигиниң ҳәкими

***

Сондай-ақ,

Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип ЭРДОҒАН,

Грузия Президенти Саломе ЗУРАБИШВИЛИ,

Ирақ Республикасы Президенти Абдуллатиф РАШИД,

Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Бас хаткери Кубаничбек ОМУРАЛИЕВ,

Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң Бас хаткери Хусрав НОЗИРИЙ,

Кавказ мусылманлары мәкемесиниң баслығы, шайхулислом Оллоҳшукур ПОШШОЗОДА ҳәм басқалар қутлықлаў жоллаған.

Қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте.