Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси ҳәм Қырғызстан Республикасы Жогорку Кенеши арасында бирге ислесиў бойынша парламентлераралық комиссияның үшинши мәжилиси болып өтти.

Тәреплер Өзбекстан – Қырғызстан қатнасықларының бүгинги жағдайы ҳәм оны раўажландырыў перспективаларын, соның ишинде, парламентлераралық бирге ислесиўдиң кейинги тийкарғы бағдарын додалады. Сондай-ақ, еки мәмлекет арасында саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди раўажландырыўда парламент дипломатиясының имканиятларынан пайдаланыў мәселелерине итибар қаратылды.

Олий Мажлис Сенаты баслығының биринши орынбасары С.Сафоев мәмлекет басшыларының сиясий ерк-ықрары себепли кейинги жылларда еки мәмлекет арасындағы өз-ара исеним ҳәм жақсы қоңсышылық принциплерине тийкарланған қатнасықларды беккемлеў ҳәм кеңейтиўге қаратылған қарарлар қабыл етилгенин атап өтти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылы 26-27-январь күнлери Қырғызстан Республикасына еткен мәмлекетлик сапары нәтийжелериниң тарийхый әҳмийетине, оның шеңберинде Өзбекстан – Қырғызстан мәмлекетлик шегарасы мәселелерин шешиў бойынша әҳмийетли еки тәреплеме келисимлерге қол қойылғаны айрықша атап өтилди.

Тәреплер Өзбекстан – Қырғызстан мәмлекетлик шегарасын делимитациялаў процесиниң жуўмақланыўы еки мәмлекет турақлылығы, қәўписизлигин беккемлеўге ҳәм биргеликте раўажланыўға хызмет ететуғынына айрықша исеним билдирди.

Биргеликтеги басшылар сыртқы сиясий күшлер арасындағы бирге ислесиўди даўам еттириў ҳәм еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли мәселелери, тәреплерди қызықтырған халықаралық ҳәм регионаллық машқалалар бойынша турақлы мәсләҳәтлесиўлер өткериў әҳмийетли екенин және бир мәрте тастыйықлады.








Өзбекстан – Қырғызстан усы Комиссия шеңбериндеги парламентлераралық бирге ислесиўдиң, сондай-ақ, парламент делегациялары ҳәм еки мәмлекет парламенилери дослық топарларының өз-ара сапарларының әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Нызам ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў әмелиятын үйрениў, сондай-ақ, нызам дөретиўшилиги жумысы, парламентлердиң қадағалаў ҳәм ўәкиллик функцияларын әмелге асырыў тәжирийбесин жетилистириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы ҳәм Қырғызстан Республикасы парламентлери арасында турақлы байланысларды раўажландырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Тәреплер мәмлекетлер арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиў тийкарғы әҳмийетке ийе екенин атап өтип, өз-ара саўда көлемин избе-из арттырыў ҳәм номенклатурасын кеңейтиў, санаат кооперациясын раўажландырыў, еки мәмлекет исбилерменлерин қоллап-қуўатлаў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлерди әмелге асырыўға таяр екенин тастыйықлады.

Усы көзқарастан тәреплер жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди өз ўақтында әмелге асырыўда еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша Ҳүкиметлераралық қоспа комиссиясы әҳмийетли роль атқаратуғынын атап өтти.

Сондай-ақ, Комиссия мәжилисинде өзине тән формат – еки мәмлекет шегара аймақлары басшылары кеңесиниң көзқарасынан регионлараралық бирге ислесиў перспективаларына толық тоқтап өтилди.

Өзбекстан – Қырғызстан шегаралас аймақлардың жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары арасында бирге ислесиўди жолға қойыў, дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланысларын беккемлеў, халық дипломатиясын раўажландырыўға қаратылған илажларды өткериў әҳмийетли екенин атап өтти.

Илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, туризм, спорт, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларында қоспа жойбар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыў мәселелери айрықша додаланды.

Тәреплер бүгинги сөйлесиўлер ҳәр қыйлы дәрежелерде ерисилген келисимлерди нәтийжели әмелге асырыўға, Өзбекстан ҳәм  Қырғызстан арасындағы дослық ҳәм өз-ара исенимди беккемлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.

Мәжилис жуўмағында тәреплер өз-ара келисим тийкарында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси ҳәм Қырғызстан Республикасы Жогорку Кегеши арасында бирге ислесиў бойынша Парламентлераралық комиссияның төртинши мәжилисиниң мүддетлери ҳаққында келисимге еристи.

ӨзА