Республикамыздағы емлеў мәкемелери арасында өз орнына ийе Республика қәнигелестирилген наркология илимий әмелий медицина орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлык филиалы жәмәәти де елимиз бойлап кең түрде белгиленип өтилген улыўмахалықлық Наўрыз байрамын көтериңки руўхта байрамлады.

Сол күни қазанларда сүмелек ҳәм наўрызлық гөжелер таярланып, дастурханларға халқымыздың миллий тағамлары тартылды. Қарақалпақ, өзбек, қазақ, түркмен халықларының миллий кийимлерин кийген филиал хызметкерлери халық қосықларын атқарып, аяқ-ойынларға түсти.

Илажда филиал директоры Р.Турымбетов, директордың емлеў ислери бойынша орынбасары Айгүл Есбоғанова, терапевт шыпакер Рустам Мусин, нарколог шыпакер Бөрибай Қайыпназаров ҳәм Наргиза Дәўлетмуратовалар шығып сөйлеп, филиал жәмәәтин Наўрыз байрамы менен қутлықлады.

-Байрамда сүмелек қайнатып, жәмәәтимиз ҳәм филиалда емленип атырған наўқасларға дәм татқыздық,- дейди бас мийирбийке Зәриўхан Айтекова.-Сүмелекти таярлаўда Минаввар Утемуратова, Фарида Убайдуллаева, Толыбай Қурбанов, Севара Досымбетова,  Турсынай Сейтимбетова, Нағыйма Жамалова,  Орынгүл Аметовалар белсендилик көрсетип, Наўрыздың көтериңки руўхта өтиўине өзлериниң салмақлы үлеслерин қосты. Пурсаттан пайдаланып пүткил халқымызды Наўрыз байрамы менен жәмәәтимиз атынан қутлықлайман. Илайым, быйылғы жылымыз жақсы жыл болып, халқымыздың ийгиликли мақсетлери орынлана бергей!





Сондай-ақ, усы күни тағам таярлаў, қосық айтыў, аяқ ойынға түсиў бойынша таңлаўлар өткерилип, жеңимпазларға филиалдың Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы