Жаңаланыў ҳәм жасарыў әййямы Наўрыз байрамы күни Шоманай районы ҳәкимлигиниң басламасы тийкарында “Шоманай Эко текс” кәрханасы менен биргеликте  3 шаңарақ перзентиниң неке ҳәм 20 шаңарақ перзентиниң сүннет тойы өткерилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сойлеп, жыйналғанларды қуўанышлы тойлары, Наўрыз байрамы ҳәм муқаддес Рамазан айының кирип келиўи менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен мәмлекетимизде кем тәмийиненген, жәрдемге мүтәж, майыплығы болған пуқаралары бар  шаңарақларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Быйылғы Наўрыз байрамының муқаддес Рамазан айы алдынан өткерилип атырғаны да әҳмийетли болып табылады. Бундай күнлерде кекселерге ҳүрмет көрсетиў, жәрдемге мүтәжлерге көмек бериў, наўқаслардың ҳалынан хабар алыў халқымызға тән ағла пазыйлет болып табылады.

Илажда неке тойлары өткерилип атырған жас шаңарақларға ҳәм сүннет етилген балаларға қәўендерлер тәрепинен естелик саўғалары тапсырылды.

“Шоманай Эко текс” кәрханасы қәўендерлигинде өткерилген тойда көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы йошлы қосық ҳәм аяқ ойынлар бәршеге көтериңки кейпият бағышлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги