Президенттиң басшылығында азық-аўқат өнимлерин көбейтиў, бәҳәрги егис мәўсимин  нәтийжели шөлкемлестириў бойынша тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша видеоселектор болып өтпекте.

Мәжилисте халық дастурханының молшылығын ойлап, жылдың ақырына шекем азық-аўқат өнимлери бойынша импорт бажыларынан жеңиллик берилетуғыны атап өтилди.

Буннан тысқары, 1-майдан социаллық реестрге кирген халыққа мал, қой ҳәм таўық гөши, мәйек ҳәм өсимлик майын сатып алса, қосымша қун салығы қайтарылады. Бул арқалы 2 миллионнан артық шаңараққа жеңиллик жаратылады.


Қарақалпақстан хабар агентлиги