Бүгин, 18-март – улыўмахалықлық шембилик күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги хызметкерлери де абаданластырыў жумысларына өзлериниң үлесин қосты.

– Бүгинги шембилик шеңберинде министрлигимиздиң әтирапы абаданластырылып, шығындылар шығарып тасланды ҳәм салмалар тазаланды, -дейди министрликтиң Хожалық жумысы ҳәм мийнетти қорғаў бөлиминиң баслығы Бахыт Жолдасбаев. – 30 түптен аслам саяманлы ҳәм мийўели тереклердиң,  70 тен аслам роза гүлиниң нәллери, 27 түп шырша нәли отырғызылып, бул қайырқомлық илажда 50 ге шамалас хызметкер қатнасты.





* * *

«Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле – ел көрки» сүрени менен өткерилген қайырқомлық шембилигине Бас прокуратура жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының хызметкерлери де белсене қатнасты. Басшыдан хызметкерге шекем бәршеси биргеликте барлық аймақлық бөлимлердиң әтирапына, қыйтақ жерлерине жақсы нийетлер менен 300 ден аслам саяманлы ҳәм мийўе тереги нәллерин отырғызып, 3 гектардан аслам аймақ абаданластырылды. Әмелге асырылған  бундай ийгиликли ислер елимиздиң абаданлығын, халқымыздың аўызбиршилигин тәмийинлеўге хызмет етеди.  





Қарақалпақстан хабар агентлиги