Президент Шавкат Мирзиёев «Жаңа Ташкент» жойбарының қурылысна тырнақ тасын қойыў мәресиминде шығып сөйледи.

Мәмлекетимиз басшысы пайтахтымыз халық ушын ҳәр тәреплеме қолайлы шараятқа ийе, ҳақыйқый экологиялық қала болыўы керек екенлигине итибар қаратты.

Усы мақсетте «Ташкенттиң жасыл белбеўи» жойбары мине усы, Жаңа Ташкент аймағынан басланады. Онда 420 гектар майданда Орайлық парк қурылып, 200 мың түп терек егиледи. Бүгин бул паркте жақсы нийетлер менен 1 мың түп терек егиледи.

Мәмлекетимиз басшысы бул жумыслардың даўамы сыпатында «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде бәҳәр пасылында ҳәр бир мәҳәлле аймағында 1 мыңнан терек егиўди усыныс етти.

Сөзиниң соңында, Президентимиз пайтахтымыз Жаңа Өзбекстанның жоқары раўажланыў дәрежеси ҳәм потенциалына ҳәр тәреплеме сәйкес болған ири мегаполиске, дүньядағы ең гөззал ҳәм тартымлы қалалардан бири болатуғынына исеним билдирди.

ӨзА