Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 6-февраль күни мәмлекетимиздеги дипломатиялық миссиясын жуўмақлап атырған Қытай Халық Республикасының Айрықша ҳәм Толық ҳуқықлы елшиси Цзян Янды қабыллады.

Мәмлекетимиз басшысы елшиниң Өзбекстан – Қытай дослық ҳәм ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўдеги нәтийжели жумыслары ҳәм жедел ҳәрекетлерин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Өткен жылдың сентябрь айында ҚХР Баслығы Си Цзиньпинниң Өзбекстанға мәмлекетлик сапары табыслы өтти.

Кейинги бир неше жылда товар алмасыў еки есеге көбейди, биргеликтеги жойбар ҳәм кәрханалар саны үш есеге артты. Ири инвестициялық ҳәм инфраструктуралық жойбарлар әмелге асырылмақта. «Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан» темир жолын қурыў жойбарын әмелге асырыў бойынша бирге ислесиў басланды.

Мәдений-гуманитарлық алмасыўлар кеңеймекте, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, археология, туризм ҳәм басқа да бағдарларда әҳмийетли бағдарламалар жүзеге шығарылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен еки тәреплеме қатнасықларда ҳәзирги дәрежеге ерисилиўине қосқан жеке үлеси ушын елши Цзян Янь мәмлекетимиздиң жоқары мәмлекетлик сыйлығы – «Дослық» ордени менен сыйлықланды.

ӨзА