Өзбекстан ҳәм Беларусь арасындағы ашық-айдынлық, өз-ара мәплерди есапқа алыў принциплерине тийкарланған конструктивлик бирге ислесиў кең көлемдеги бағдарларды өз ишине алады.

Өз-ара саўда көлеми турақлы артпақта, санаат кооперациясы ҳәм аўыл хожалығы тараўларында әҳмийетли жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта. Регионлар арасында көп тәреплемели байланыслар беккемленбекте, билимлендириў ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы алмасыўлар кеңеймекте.

Бул Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенкоға мәмлекетлеримиз арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығы мүнәсибети менен жоллаған қутлықлаўда айрықша атап өтилди.

Қутлықлаўда биргекликтеги ҳәрекетлер себепли кейинги жыллары Өзбекстан ҳәм Беларусь бирге ислесиўи сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилип, анық әмелий мазмун менен байығаны атап өтилген.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан ҳәм Беларусь шериклигин мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыз мәплери жолында және де беккемлеў бағдарындағы умтылыс исенимли екенин атап өтип, Президент Александр Лукашенкоға беккем денсаўлық, абаданлық ҳәм мәмлекетлик жумысларда табыслар, Беларусь халқына болса тынышлық ҳәм раўажланыў тиледи.

ӨзА