Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Республикамызда халықтың саламатлығын қорғаў ҳәм туберкулёз инфекциясынан қорғаў, туберкулёз ҳәм өкпениң спецификалық емес кеселликлери тарқалыўының алдын алыў бойынша анық мақсетке бағдарланған жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 13-февральдағы «Қәнигелестирилген фтизиатрия ҳәм пульмонология жәрдемин көрсетиў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4191-санлы қарарына муўапық төмендеги жумыслар әмелге асырылды:

2021-жылға келип туберкулёзден кеселлениў көрсеткиши 100 мың халыққа салыстырмалы түрде 35,2 ни, өлимшилик көрсеткиши болса 1 ди қурап, 2019-жылдың көрсеткишлерине қарағанда 9,3 ҳәм 16,6 процентке азайды;

системадағы мультидисциплинар топарлар тәрепинен көрсетилген руўхый-социаллық жәрдем нәтийжесинде емлеў мүддетлерине әмел етпеген наўқаслар саны 2 есеге азайды;

қәўипли топарға кириўши 12 мың шахсларда туберкулёздиң латент түри анықланған ҳәм профилактикалық емлеў менен толық қамтып алынды;

80 райондағы басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелеринде заманагөй оператив молекуляр-генетикалық диагнозлаў усылы әмелиятқа енгизилди.

Соның менен бирге, туберкулёз ҳәм өкпениң спецификалық емес кеселликлериниң алдын алыў илажларын күшейтиў ҳәм 2022-жыл 18-март күни өткерилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң денсаўлықты сақлаў тараўы ўәкиллери менен «Медицинадағы реформалар – инсан қәдири ушын» атамасындағы ашық форматтағы сөйлесиўи шеңберинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Республикалық қәнигелестирилген фтизиатрия ҳәм пульмонология илимий-әмелий медицина орайы (кейинги орынларда – Орай) фтизиатрия ҳәм пульмонология кеселликлерин профилактика етиў, диагнозлаў ҳәм усы тараўларды жоқары тәжирийбели қәнигелер менен тәмийинлеў бойынша республикамыздағы бас мәкеме болып есапланатуғыны белгиленсин.
  2. Төмендегилер туберкулёз ҳәм өкпе спецификалық емес кеселликлериниң алдын алыў оларды скрининг етиў ҳәм ерте анықлаў, емлеў ҳәм тарқалыўына қарсы гүресиў бойынша Орайдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

денсаўлықты сақлаў мәкемелеринде қәнигелестирилген фтизиатрия ҳәм пульмонология системаларын алдыңғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында жетилистириў ҳәм модернизациялаў;

фтизиатрия ҳәм пульмонология бағдарында ўәлаят (республика)лық, район (қала)лық медицина мәкемелери арасында системалы избе-из байланыслылықты ҳәм методикалық вертикал басқарыўды тәмийинлеў;

район (қала)лық фтизиатрия мәкемелери жанындағы емлеў орынлары ҳәм штат бирликлери шеңберинде күндизги стационарларды шөлкемлестириў арқалы халыққа маман фтизиатрия ҳәм пульмонологиялық медициналық жәрдем көрсетиў көлемин арттырыў сондай-ақ, республикалық фтизиатрия реабилитация орайларында өкпе спецификалық емес кеселликлериниң емлеўханадан кейинги дәўирдеги бақлаўын шөлкемлестириў;

туберкулёз ҳәм өкпениң спецификалық емес кеселликлери бойынша эпидемиялық жағдайды турақлы таллаў, мониторингин алып барыў, кеселликлер тарқалыў тенденциаларын прогнозлаў, усыныслар қәлиплестириў сондай-ақ, наўқаслардың миллий электрон реестрин жүргизиў;

туберкулёз ҳәм өкпениң спецификалық емес кеселликлериниң алдын алыў, диагнозлаў ҳәм емлеўге қаратылған фундаменталь, әмелий ҳәм инновациялық жойбарлар сондай-ақ, илимий изертлеўлер бойынша эксперт пикирин бериў;

өкпе патологиясының клиника алдынан белгилерин ерте анықлаў ушын жыллық медициналық тексериў шеңберинде скрининг бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм әмелиятта қолланыў;

диагнозлаў ҳәм емлеўдиң жоқары технологиялы усылларын әмелиятқа енгизиў арқалы Орайда ҳәм аймақларда жоқары технологиялық хирургиялық әмелиятлардың үлесин арттырыў;

санлы технологиялар жәрдеминде наўқасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм амбулатор емлеўдиң видеобақлаў усылын кеңейтиў;

көп тармақлы орайлық поликлиникалар жанында «Астма ҳәм созылмалы обструктив өкпе кеселликлери мектеби»н шөлкемлестириў арқалы өкпениң спецификалық емес кеселликлерине шалынған наўқаслардың турмыс сапасын жақсылаў ҳәм оларды кеселлик күшейиўиниң алдын алыўға үйретиў;

аймақлық фтизиатрия ҳәм пульмонология орайлары жанындағы емлеў орынлары ҳәм штат бирликлери шеңберинде аралықтан оқытыў ҳәм мониторинг етиў инновациялық орайларын шөлкемлестириў.

  1. 2023-2026-жыллары фтизиатрия ҳәм пульмонология хызметин раўажландырыў бойынша мақсетли көрсеткишлер 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң төмендегилерди нәзерде тутыўшы фтизиатрия ҳәм пульмонология системаларын жетилистириўге қаратылған усынысларына келисим берилсин:

а) тараўда бир пүтин вертикал системаның район буўынын жаратыў мақсетинде район (қала)лық көп тармақлы орайлық поликлиникалар қурамындағы фтизиатрия бөлимлери ҳәм ханалары негизинде фтизиатр ҳәм пульмонолог штат бирликлери шеңберинде фтизиопульмонология бөлимлерин шөлкемлестириў;

б) ўәлаятлық көп тармақлы медицина орайларында жумыс алып баратуғын бас пульмонолог штатларын емлеў орны фонды қалдырылған ҳалда аймақтағы фтизиатрия ҳәм пульмонология орайларына өткериў.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Иноятов) Экономика ҳәм қаржы министрлиги (Ш.Кудбиев), Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги (Б.Мусаев) менен биргеликте 2023-жыл 1-июльге шекем фтизиатрия кеселлигиниң өзгешеликлерин сондай-ақ, фтизиатрия ҳәм пульмонология системаларын жетилистириў процесслерин инабатқа алған ҳалда барлық буўынларда жаңаланған штат нормаларын тастыйықласын.

Орайға фтизиатрия ҳәм пульмонология тараўында жумыс алып барып атырған мәмлекетлик медициналық мәкемелер, соның ишинде, олардың бөлимлериниң жумыс көлеми ҳәм мүтәжлигинен келип шыққан ҳалда емлеў орынларын қайта бөлистириў бойынша тийкарланған усынысларды Денсаўлықты сақлаў министрлигине киргизиў ўәкиллиги берилсин;

в) түнги уйқының сапасы ҳәм дем алыў функциясының бузылыўларын диагнозлаў ҳәм емлеў мақсетинде аймақлық фтизиатрия ҳәм пульмонология орайларына ажыратылған штат бирликлери ҳәм қаржылар шеңберинде «Уйқы апноэ» орайларын шөлкемлестириў.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық, 2023-жылдан баслап ҳәр жылы:

а) төмендегилер:

латент туберкулёз инфекциясына скрининг тексериўлер саны 1 миллионға шекем;

латент туберкулёз инфекциясына шатылған шахсларды емлеўдиң қамтылыўы 21 мыңға шекем;

туберкулёз микробактериясын бир ўақыттың өзинде 1- ҳәм 2-қатар туберкулёзге қарсы дәри қуралларына резистентликти анықлайтуғын оператив ген-молекуляр диагнозлаў қамтылыўы 120 мыңға шекем;

туберкулёз бенен кеселленген 18 мыңға шекем наўқасларды дәри қураллары менен тәмийинлеў, соның ишинде:

1-қатар (дәриге сезиўшең туберкулёз бенен кеселленген наўқаслар) бойынша – 15 мыңға шекем;

2- ҳәм 3-қатарлар (дәриге резистент туберкулёз бенен кеселленген наўқаслар) бойынша – 3 мыңға шекем жеткериледи;

б) 2023-жыл 1-мартқа шекем район (қала)лық медициналық бирлеспелер тәрепинен басланғыш медицина мәкемелерине бириктирилген халықтың арасынан туберкулёз бенен кеселлениўге бейимлиги болған қәўипли топарға тийисли шахслар дизими дүзиледи;

в) район (қала)лық медициналық бирлеспе қәнигелери тәрепинен туберкулёз бенен кеселлениў қәўипли топарына тийисли:

шахслар (жас өспиримлер ҳәм жасы үлкенлер) рентгенологиялық тексериўден;

балалар иммунологиялық тексериўден өткериледи;

г) жазаны орынлаў мәкемелеринде сақланып атырған айыпланыўшылар менен тиккелей байланыста болған Ишки ислер министрлиги жазаны орынлаў мәкемелери ҳәм қараўыл әскерлериниң хызметкерлеринде латент туберкулёз инфекциясын ерте анықлаў мақсетинде жыллық профилактикалық медициналық тексериўлер шеңберинде тийисли скрининг илажлары өткериледи.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте латент туберкулёз инфекциялары шахсларда диагностика процесин түп-тийкарынан жақсылаў ушын еки ай мүддетте қәўипли топарларын скрининг етиў ушын тест-диагностикумларын сатып алыў ҳәм 2023-жылдан баслап скрининг етиўдиң жыллық графигин тастыйықлаўды нәзерде тутыўшы усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.

6.Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Иноятов):

2023-жыл 1-мартқа шекем денсаўлықты сақлаў системасын санластырыўға ажыратылған қаржылар есабынан Денсаўлықты сақлаў министрлиги шөлкемлестириўиндеги «IT-Med» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен Фтизиатрия кеселликлериниң бирден-бир электрон реестри (кейинги орынларда – Реестр) ислеп шығылыўын, сондай-ақ, келешекте оның техникалық ҳәм программалық қоллап-қуўатланыўын тәмийинлесин;

2023-жыл 1-июльге шекем Орайда Реестр жүргизилиўин, оның системасындағы аймақлық бөлимлер ҳәм республика, ўәлаят ҳәм район (қала) дәрежесинде фтизиатрия тараўында жумыс алып барып атырған мәмлекетлик мәкемелер, соның ишинде, олардың бөлимлеринде Реестр енгизилиўин ҳәм өз-ара интеграциясын жолға қойсын.

  1. «Өкпе саламатлығы» мобиль бригадасы шеңберинде аймақлардағы алыс, шетки экологиялық жақтан қолайсыз аймақларда жасаўшы халыққа бийпул медицинлық тексериў шеңберинде скрининг илажлары өткерилсин.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги «Өзавтосанаат» АЖ менен биргеликте «Isuzu» микроавтобусы базасында алыс, шетки ҳәм таўлы аймақларға мөлшерленген қәнигелестирилген автотранспорт қуралының техникалық параметрлерин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.

8. Орайдың төмендеги усынысларына келисим берилсин:

Орай жанындағы емлеў орынлары ҳәм штат бириликлери шеңберинде респиратор кеселликлер бойынша заманагөй бағдарларды есапқа алған ҳалда фундаменталь ҳәм әмелий инновациялық изертлеўлерди өзинде жәмлеген Шокир Алимов атындағы илимий мектеп шөлкемлестириў;

Орай қурамында Миллий референс лаборатория шөлкемлестириў. Онда, Миллий референс лабораторияны қурыўға байланыслы қәрежетлер Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан, үскенелеў  менен байланыслы қәрежетлер болса сырт ел гранты қаржылары есабынан қапланатуғыны белгиленсин;

Орайдың ҳәм қәўендерлик қаржылары есабынан жергиликли ҳәм сырт ел микробиологиялық лаборатория қәнигелери ушын илимий-әмелий тренинг орайының жумысын жолға қойыў;

Орайға, аймақлардағы фтизиатрия ҳәм пульмонология орайларына сондай-ақ, жасы үлкенлер ушын мөлшерленген саламатландырыў орайларында Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен келисилген ҳалда мәмлекет тәрепинен кепилленген бийпул медициналық хызметлер ҳәм дәри қураллары пакетине киргизилмеген медициналық хызметлерди төлемли тийкарда көрсетиў.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Иноятов) Экономика ҳәм қаржы министрлиги (Ш.Кудбиев) менен биргеликте 2023-жылдың ақырына шекем Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қапланатуғын пульмонология жәрдеминиң кепилленген көлемлериниң дизимин тастыйықласын.

  1. 2023-жыл февральдан баслап Орайдың жумысында аралас-қаржыландырыў түри енгизилетуғыны. Онда:

Орай қурамындағы лаборатория ҳәм Туберкулёз стратегиясын анықлаў, эпидемиология, мониторинг ҳәм дәрилер менеджменти бөлимин сақлаўға байланыслы қәрежетлер смета тийкарында Денсаўлықты сақлаў министрлигине ажыратылған бюджет қаржылары шеңберинде қаржыландырылатуғыны;

Орай тәрепинен жеңиллетилген категорияға кириўши шахслар жоллама хат тийкарында көрсетилген медициналық хызметлердиң қәрежетлери базалық баҳалар шеңберинде Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры арқалы белгиленген тәртипте қаплап берилетуғыны белгиленсин.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүдетте қалған республикалық қәнигелестирилген медицина орайларын үйренип шығып, олардағы жумысы тиккелей наўқаслар менен байланыспаған бөлимлер қәрежетлерин қаржыландырыў бойынша усыныс киргизсин.

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлиги сондай-ақ, Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң усы қарар қабыл етилгенге шекем Орайдың хызметкерлерге мийнет ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлерди әмелге асырыў ҳәм сақлаў қәрежетлерин қаплаў есабынан Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры алдында пайда болған қарыздарлығын есаптан шығарыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы халқына фтизиатрия ҳәм пульмонология жәрдемин көрсетиў системасын раўажландырыў бойынша илажлар бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық;

2024-2026-жыллары фтизиатрия ҳәм пульмонология системасындағы мәкемелерди қайта оңлаў бағдарламасы 3-қосымшаға муўапық;

Фтизиатрия ҳәм пульмонология системасындағы мәкемелерди заманагөй диагнозлаў, емлеў ҳәм реанимация үскенелери менен тәмийинлеў илажлар режеси 4-қосымшаға муўапық;

2023-2025-жыллары фтизиатрия ҳәм пульмонология системасындағы саламатландырыў орайларындағы заманагөй реабилитация, емлеў ҳәм лаборатория үскенелери менен тәмийинлеў илажлар режеси 5-қосымшаға муўапық;

2023-2024-жыллары «Өкпе саламатлығы» мобиль бригадаларын үскенелеў ушын үскенелер дизими 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги менен биргеликте Германия раўажланыў банки тәрепинен усы қарарға 4-қосымшаға муўапық Орайға ажыратылып атырған грант қаржыларын тартыўда жәрдем берсин.

  1. Экономика ҳәм қаржы министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте Мәмлекетлик бюджет параметрлерин қәлиплестириўде ҳәр жылы туберкулёзге ҳәм созылмалы обструктив өкпе кеселликлериниң алдын алыў бойынша илажларды әмелге асырыў, усы қарарда нәзерде тутылған иммунодиагностика, туберкулёзға қарсы дәри қураллары, лаборатория реагентлери сатып алыў ушын зәрүр болған қаржылар ажыратылыўын тәмийинлесин.
  2. Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Иноятов):

Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалық министрлиги менен биргеликте Денсаўлықты сақлаў министрлигине ажыратылған бюджет қаржылары шеңберинде Орайдың имарат-объектлерин капитал оңлаў ҳәм медициналық үскенелерди сазлаў;

Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги сондай-ақ, Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте усы қарар менен тастыйықланған илажлар режелериниң орынланыўы ушын халықаралық финанс институтларының тараўға тийисли грантларын тартыў;

Қәбилетли ҳәм тәжирийбели медицина қәнигелерин қоллап-қуўатлаў ҳәм медицина мәкемелерине тартыў қорының қаржылары есабынан таңлаў тийкарында сайлап алынған 40 ға шекемги фтизиатр ҳәм пульмонологларды 2023-2026-жыллар даўамында абырайлы сырт ел медицина орайларында тәжирийбе арттырыўға жибериў илажларын көрсин.

  1. Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте туберкулёз ҳәм өкпениң спецификалық емес кеселликлериниң алдын алыў, диагнозлаў ҳәм емлеўге қаратылған илимий жумыслар диссертация қорғаўына шекем Орайдың тийисли темадағы пикири алыныўын тәмийинлесин.
  2. Инновациялық раўажланыў агентлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги соның менен бирге, Орайлық илимий-изертлеў жойбарларын әмелге асырыў ушын мәмлекет буйыртпасын қәлиплестириўде туберкулёз ҳәм өкпениң спецификалық емес кеселликлериниң алдын алыў, диагнозлаў ҳәм емлеўге қаратылған жойбарлар таңлаўын жәрияласын.
  3. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы бир ай мүдетте 2023-жылға мөлшерленген туберкулёз ҳәм өкпениң спецификалық емес кеселликлерин профилактикалаў, диагноз қойыў, емлеў ҳәм реабилитация процесслерине жәмийетшиликте унамлы пикирди қәлиплестириў, ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда кең түрде үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыўға қаратылған мақалалар жәриялаў, тематикалық телекөрсетиўлер көрсетиў бойынша медиа-реже қабыл етсин.
  4. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбексан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым ҳүжжетлерине 7-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  5. Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  6. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип денсаўлықты сақлаў министри А.Ш.Иноятов белгиленсин.

Қарардың орынланыўы ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Л.Н.Туйчиевке жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                      Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 20-январь