Өткен жылдың январь-декабрь айлары аралығында Тақыятас ыссылық электр станциясы ушын электр энергиясын ислеп шығарыў жобасы 4,4 миллиард киловатт саат етип белгиленген болып, әмелде 4,987 миллиард киловатт саат электр энергиясы ислеп шығарылды ҳәм жоба 113 процентке орынланды. Бул ҳаққында электр станциясының баспасөз хызмети хабар берди.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты тутыныўшыларын электр энергиясы менен тәмийинлейтуғын тийкарғы кәрхана есапланған Тақыятас ыссылық электр станциясында ҳәзирги ўақытта еки энергоблок, еки пуў-газ қурылмасы суткасына 15,0 миллион киловатт саат электр энергиясын ислеп шығармақта.

Хабарда жазылыўынша, 2022-жылдың 12 айы даўамында станцияда 1 киловатт саат электр энергиясын ислеп шығарыў ушын жобадағы 300,0 грамм/киловатт саат орнына, 286,82 грамм/киловатт саат шәртли жанармай сарпланған. Буның нәтийжесинде 32,0 миллион кубометр газ ҳәм 32,0 миллиард сум үнемленген.

Кәрханада гүз-қыс мәўсимине таярлық жумыслары шеңберинде тйикарғы ҳәм жәрдемши үскенелердиң турақлы ислеўи бойынша комплексли илажлар жобасы ислеп шығылған болып, жумыслар белгиленген кесте тийкарында алып барылды.

2022-жылда тийкарғы үскенелерди оңлаў кестесине муўапық, 2-санлы пуў-газ қурылмасында инспекциялық жумыслар, 7-санлы энергоблокта кеңейтилген ағымдағы, сондай-ақ, 1-санлы пуў-газ қурылмасында ағымдағы оңлаў жумыслары әмелге асырылды.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.