Бүгин, 23-декабрь күни Ташкент қаласында Саудия Арабстанының «ACWA Power» компаниясы менен Қарақалпақстанда улыўма қуўатлылығы 1500 МВт болған самал электр станциясын қурыў бойынша шәртнамаларға қол қойыў илажы болып өтти.

Өзбекстан Энергетика министрлигиниң хабар бериўинше, илажға Саудия Арабстаны Инвестициялар министри Халид ал-Фалиҳ, «ACWA Power» компаниясы басқарыўы баслығы Муҳаммад Абунайян, Өзбекстан Энергетика министри Ж.Мирзамаҳмудов, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри Ж.Жоджаев ҳәм шөлкем басшылары қатнасқан.

Үлкен қуўатлылыққа ийе усы самал электр станциясы 2026-жылы иске түсирилиўи, жылына 5,2 миллиард кВт-саат электр энергиясын ислеп шығарыўы ҳәм буның нәтийжесинде жылына 1,5 миллиард куб метр тәбийғый газ үнемлениўи жобаластырылған.

Ең әҳмийетлиси, станцияда 300 МВт/550 МВт-саат электр сақлаў химиялық батареялары (аккумуляторлар) орнатылады. Бул батареялар самал турбиналарынан шығатуғын өзгериўшең электр энергиясын муўапықластырып береди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.