10-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Самарқандтағы Түркий мәмлекетлер шөлкеми саммити шеңберинде Венгрия Бас министри Виктор Орбан менен сөйлесиў өткерди.

Ушырасыўда жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерге муўапық әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм еки тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеў мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

Жедел исбилерменлик байланыслары, соның ишинде, усы күнлерде еки мәмлекеттиң жетекши компания ҳәм кәрханаларының қатнасыўында өткерилип атырған қоспа бизнес форум салмақлы нәтийжелер берип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Санаат, химия тармағы, фармацевтика, банк-қаржы, транспорт ҳәм логистика тараўларында, басқа да әҳмийетли бағдарларда қоспа инвестициялық жойбарларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылды. Бизнес басламаларды қаржылай қоллап-қуўатлаў бойынша механизмлер жаратыў жумысларын жеделлестириўге келисип алынды.

Гуманитарлық алмасыўлардың бағдарлаларын, бәринен бурын, билимлендириў, мәденият ҳәм кинематография тараўларында жедел даўам еттириў зәрүрлиги атап өтилди.

ӨзА