Халық билимлендириў министри Бахтиёр Саидов Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы Аманбай Орынбаев пенен биргеликте мектеп директорлары менен ушырасыў өткерди.

Онда халық билимлендириў системасында әмелге асырылып атырған реформалар, атап айтқанда, оқыўшыларға мүнәсип шараятларды жаратыў, педагоглардың кәсиплик шеберлигин арттырыў, оқыўшыларға сапалы билим бериў, оларды руўхый жетик шахс етип тәрбиялаў, дурыс кәсип таңлаў бағдарында мектеп директорларының жуўапкершилиги ҳаққында сөз болды.

Атап айтқанда, 2022-жылдың басында Президентимиздиң Қарақалпақстанға сапары даўамында берген тапсырмалары тийкарында қосымша 23 мектепте оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта, улыўма алғанда быйыл 70 мектепте қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылып, оқыўшылар ушын шараятлар жақсыланбақта.

Муғаллимлердиң кәсиплик шеберлигин арттырыў мақсетинде Қарақалпақстанда биринши болып «Мобиль методикалық топарлар» жумысы жолға қойылған, 40 билимлендириў дәрежеси төмен мектеплер таңлап алынып, аймақтағы жоқары билимлендириў мәкемелери менен биргеликте муғаллимлерге методикалық жәрдем көрсетиў арқалы билимлендириўдиң сапасын арттырыў илажлары көрилмекте.

Сөйлесиў ўақтында Қарақалпақстанда системада еле шешилиўи зәрүр болған жумыслар көп екенлиги, мектеплерде оқыўшыларға заманагөй билимлерди бериўде муғаллимлерде методикалық шеберлик жетиспей атырғанлығы, бир қатар мектеплерде билимлендириў дәрежеси төмен екенлиги, 11-класс оқыўшыларын кәсип-өнерге бағдарлаў жумысларында машқалалар бар екенлиги, айырым мектеплердиң жәмийетлик-руўхый орталығының жақсы емеслиги атап өтилди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы республика мектеплеринде тәлим-тәрбия процесслерин жақсылаў бойынша мектеп директорларына бир қатар ўазыйпаларды белгилеп берди.

Ушырасыў соңында билимлендириў сапасының көрсеткишлери бойынша жоқары нәтийжелерге ерискен 10 мектеп директоры «Ўатан пидайысы» көкирек белгиси менен сыйлықланды және ҳәр бир районнан биреўден питкериўшилери жоқары билимлендириў мәкемелерине кириўде ең жоқары нәтийже көрсеткен мектеп директоры Жоқарғы Кеңес тәрепинен 10 млн сум ақашалай сыйлық пенен сыйлықланатуғын болды.

Сөйлесиўде мектеп директорларының халық билимлендириўин және де раўажландырыў бойынша усыныслары тыңланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги