Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 25-октябрь күни Қашқадәрья ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Ҳәммемизге белгили, быйыл апрельде халық депутатлары Қашқадәрья ўәлаятлық кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтип, онда исбилерменлик ҳәм санаатты раўажландырыў, бул арқалы бәнтликти тәмийинлеў және халықты социаллық қорғаў бағдарындағы үлкен режелер белгилеп алынған еди.

Атап айтқанда, усы жылы 10 мың исбилерменлик  субъектин  шөлкемлестирип, олардың санын 80 мыңға жеткериў, 9 триллион сум инвестиция тартып, 810 санаат жойбарын әмелге асырыў, 430 мың жаңа жумыс орнын жаратыў мақсет етилген. Аўыл хожалығында 12 мың 500 гектар жерди халыққа бөлистирип, 3 миллин 200 мың тонна азық-аўқат өнимлерин жетистириў, 11 мың гектар интенсив бағ ҳәм жүзим атызларын шөлкемлестирип, мийўе-овощ экспортын 60 миллион долларға жеткериў ўазыйпасы қойылған. Социаллық тараўда 174 мектеп, бақша ҳәм поликлиника қурыў ҳәм оңлаў, 1,5 мың километр ишимлик суўы тармағын тартыў және 1,8 мың километр ишки жолларды оңлаў режелестирилген.

Мәжилисте Қашқадәрья ўәлаятының ҳәкими М.Азимов бул бойынша исленген жумыслар ҳаққында есабат берди. Оннан келип шығып, жылдың ақырына шекем ҳәм келеси жылға мөлшерленген ўазыйпалар додаланды.

Биринши гезекте, исбилерменлик ҳәм хызмет көрсетиўди раўажландырыў мәселесине итибар қаратылып, бул арқалы келеси жылы ўәлаятта 207 мың жумыс орнын жаратыў мүмкин екенлиги көрсетип өтилди.

Оның ушын имканиятлар көп. Соның ишинде, саатына 1,5 мың автомобиль қатнаўына ийе Шаҳрисабз-Китаб жолы бойында хызмет көрсетиўди шөлкемлестириў ушын 3 мың исбилерменди тартыўға болады. Шаҳрисабздиң Мираки ҳәм Китабтың Қайнар аўылларында туризмди раўажландырыў арқалы 10 мың жумыс орнын жаратыў имканияты бар. Сондай-ақ, бос турған имарат ҳәм жер участкаларынан нәтийжели пайдаланыў зәрүр.

Ўәлаятта үлкен потенциалға ийе және бир тараў – санаат. Бул бағдада 960 жойбарды әмелге асырып, 20 мың халықты бәнт етиў мүмкинлиги атап өтилди.

Атап айтқанда, 22 руда емес кәнди өзлестирип, талап жоқары болған қурылыс материалларын ислеп шығарыў имканияты бар. Химия, нефть-газ, энергетика системасындағы ири кәрханалар менен санаат кооперациясын жолға қойып, 65 локализациялаў жойбарын әмелге асырыў зәрүр. Кластерлер тәрепинен усыныс етилген 12 жойбар пахтаны терең қайта ислеў дәрежесин арттырады.

Үшинши әҳмийетли бағдар-аўыл хожалығы. Соның ишинде, 18 мың гектар майданда суў тәмийнатын жақсылап, қосымша 90 миллиард сумлық өним жетистириў, 66 мың гектарда суўды үнемлеўши технологияларды енгизип, 300 миллион куб метр суўды үнемлеў, 10 мың гектар пахта ҳәм ғәлле майданын қысқартыў есабынан 32 мың шаңарақтың бәнтлигин тәмийинлеў мүмкин. Улыўма, имканиятлардан дурыс пайдаланылса, бул тараўда 295 мың халық жумыслы болады.

Мәжилисте социаллық мәселелерге де айрықша тоқтап өтилди. Атап айтқанда, Қашқадәрьяда орайласқан таза ишимлик суўы тәмийнатын келеси жылы 60 процентке жеткериў, 6 мың километр ишки жоллар менен көпирлерди оңлаў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәҳәллелерде мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси ҳәм поликлиникалар қурыў, турақ жайға мүтәж халықтың шараятларын жақсылаў илажлары белгиленди.

– Инсан қәдири, деген принцип тийкарында ислеп, барлық затты халықтың машқалаларынан келип шығып әмелге асырамыз,-деди Шавкат Мирзиёев. – Инвестициялық бағдарламада мәҳәллениң үлеси болыўы керек. Оны халық пенен мәсләҳәтлесип, ҳәкимлер усыныс береди, жергиликли кеңеслер орынланыўын қадағалайды. Кейинги бес жылда көп жерлерде санаат раўажланды. Енди инвестицияны ең аўыр мәҳәллелерге қаратыў, оларды жақсылаў керек.

Мәжилисте ўәлаят ҳәм район ҳәкимлери қайсы мәҳәллелерде жумыссызлық көп, қайсыларында инфраструктура машқаласы бар екенлиги, қандай тәжирийбелерди ғалаба ен жайдырыў зәрүрлиги ҳаққында усынысларын билдирди.

Солар тийкарында Қашқадәрьяда исбилерменликти раўажландырыў, инфраструктураны жақсылаў ҳәм социаллық тараўдағы машқалаларды шешиў ушын  2023-жылы республикалық бюджетте 685 миллиард сум нәзерде тутылатуғыны атап өтилди.

Сондай-ақ, «Басламалы бюджет» шеңберинде ўәлаят мәҳәллелерине 135 миллиард сум, және 670 жойбарды әмелге асырыўға қосымша 265 миллиард сум ажыратылатуғыны айтылды.

Буннан тысқары, 2023 ҳәм 2024-жыллары ишимлик суўы ҳәм автомобиль жолларының жойбарларына қосымша 410 миллион доллар тартыў бойынша тапсырма берилди.

Жылдың ақырына шекем, усы тәртипте, барлық ўәлаят ҳәкимлериниң есабаты көрип шығатуғыны, келеси жылғы инвестициялық бағдарлама сол тийкарда қәлиплестирилетуғыны белгиленди.

ӨзА