Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов тар шеңберде сөйлесиў өткерди.

Мәмлекет басшылары туўысқан халықларымыз арасындағы көп әсирлик дослық ҳәм жақсы қоңсышылыққа тийкарланған еки тәреплеме қатнасықларды және де беккемлеў мәселелерин додалады.

Сиясий, саўда-экономикалық, энергетика, транспорт-логистика, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўларындағы бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери сөйлесиўлердиң тийкарғы темасы болды.

Кейинги жыллары әмелий бирге ислесиўдиң барлық бағдарларында үлкен нәтийжелер болғаны атап өтилди. Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлер «жол картасы» тийкарында табыслы әмелге асырылмақта.

Еки мәмлекет ҳүкиметлери, министрликлер ҳәм уйымлар, аймақлары арасында турақлы сөйлесиўлер ҳәм нәтийжели алмасыўлар алып барылмақта.

Шавкат Мирзиёев ҳәм Сердар Бердимуҳамедов бул ушырасыў Өзбекстан менен Түркменстанның ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклигиниң раўажланыўына жаңа пәт бағышлайтуғынына исеним билдирди.

Халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртиби бойынша толық пикир алысылды, соның ишинде, Орайлық Азияда бирге ислесиўди тереңлестириў мәселелери додаланды.

ӨзА