Президент Шавкат Мирзиёев 17-октябрь күни қурылыс жойбалары менен танысты.

Олардан бириншиси Олимпия қалашасы ҳаққында болды. Бул комплекс 2025-жылы Жаслар арасындағы Азия ойынларын өткериўге мөлшерленген. Усыған муўапық, халықаралық спорт федерацияларының талапларына жуўап беретуғын олимпия стадионы, жабық ҳәм ашық комплекслер, суў спорты ҳәм ескек есиў бассейнлери, шынығыў орынларының қурылысы жобаластырылған.

Бул таныстырыўда усы ири жойбардың шөлкемлестириў-қаржылық тәреплери көрип шығылды. Жуўапкерлер бул бағдарда сырт ел компанияларының усыныслары, қурылыс материаллары ҳәм спорт инвеньтарларын жеткерип бериў кестелери ҳаққында мәлимлеме берди.

Мәмлекетимиз басшысы Олимпиада қалашасын қурыў менен бирге кейин ала оннан нәтийжели пайдаланыў мәселесине айрықша итибар қаратты.

– Бәринен бурын, жумысларды анық режели етип, комплексти сапалы қурыў, Азия ойынларын жоқары дәрежеде өткериў керек. Және бир әҳмийетли мәселе – кейин ала бул қалашадан қалай пайдаланыў. Соның ушын жарыстан соң, бул жерди тренерлерди де, спортшыларды да таярлайтуғын мәкемеге айландырыў зәрүр. Ҳәкимшилик имаратларға спортты раўажландырыў министрлигин ҳәм федерацияларды да орналастырыў мүмкин. Сонда бул жерде бир тутас спорт орталығы болады. Жасларымыз ушын спорт объектлерин қурыў менен бирге методиканы да раўажландырып барыў керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Таныстырыўда Паркент районында туризмди раўажландырыў жойбары да көрсетилди.

Бул ҳаққында 22-сентябрь күни Халық депутатлары Ташкент ўәлаятлық кеңесиниң сессиясында айтылған еди. Президентимиз ўәлаятта туризм имканиятлары жүдә жоқары екенин атап өтип, районларда буннан пайдаланыў бойынша көрсетпелер берген еди.

Соған муўапық, Зәңгиата, Чиназ, Аҳангаран, Ангрен, Паркент ҳәм Бостанлық районларын байланыстыратуғын «Ташкент ўәлаятының алтын айланбасы» жаратылмақта. Мәселен, Паркент районында  Кумушкан, Заркент ҳәм Суқақ аўылларының әтирапында дем алыў орынлары көп. Бирақ инфраструктура жеткиликли болмағаны себепли хызметлер раўажланбаған.

Сонлықтан бул бойынша өз алдына бас реже ислеп шығылды. Оған бола, Паркенттеги туризм аймағына алып баратуғын  жоллар жақсыланып, электр энергиясы, ишимлик суўы тармақларының қуўатлылығы арттырылады. Қараўсыз жерлерге суў шығарылып, салқын-сая орынлар көбейтиледи. Улыўма айтқанда, инфраструктура мәмлекет тәрепинен қурылып, туризм ушын перспективалы аймақлар аукционға қойылады.

Мәмлекет басшысы бул ҳәм экономикалық, ҳәм социаллық жойбар екенин атап өтип, инфраструктураны қурыў жумысларын системалы алып барыў ушын басқарыў компаниясын дүзиў усынысын билдирди.

Таныстырыўда Сурхандәрья ўәлаятындағы Ҳәким ат-Термизий мавзолейинде зыяратшыларға шараятларды кеңейтиў режелери де көрип шығылды.

ӨзА