Ҳүрметли кәсиплеслер!

Сизлерди шын жүректен қутлықлағанымнан қуўанышлыман.

Саммитти жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ҳәм дәстүрий миймандослық ушын Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Кемелевич Тоқаевтың атына билдирилген миннетдаршылық сөзлерине қосыламан.

Бүгинги ушырасыўымыз ҒМДА шеңберинде бирге ислесиў бойынша тийкарғы жуўмақларды шығарыў ҳәм алдағы режелерди белгилеп алыў ушын жақсы имканият болып есапланады.

Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Күни кеше Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңес мәжилисинде биз дүньяда жүз берип атырған жағдай ҳаққында ҳәр тәреплеме пикир алысып алған едик.

Күшейип атырған қыйын жағдай ҳәм стратегиялық анықсызлық, заманагөй дүнья тәртип-қағыйдаларына зыян жеткерип атырғанын бәримиз атап өттик.

Азық-аўқат ҳәм энергия қәўипсизлигине қарсы қәўиплер күшейип, көплеген регионларда социаллық теңсизлик ҳәм турақсызлық жағдайларын келтирип шығармақта.

Тилекке қарсы, Дослық аўқамы мәканы да буннан шетте қалып атырған жоқ. Бул унамсыз тенденциялардың бәри турақлы раўажланыўды тәмийинлеўге қаратылған улыўма ҳәрекетлеримизге тосқынлық етпекте.

Көринип турғанындай, бундай кең көлемдеги машқалаларды тек ғана биргеликте шешиў мүмкин. Сол ушын биз ҒМДА майданынан максимал дәрежеде пайдаланыўымыз – Шөлкемимиздиң қолда бар потенциалын терең таллаўымыз ҳәм көп қырлы бирге ислесиўдиң барлық имканиятларын иске қосыўымыз керек.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Соны қанаатланыўшылық пенен атап өтпекшимен, жүзеге келген қәўип-қәтерлерге қарамастан, Биз ҒМДА шеңберинде барлық бағдарлар бойынша унамлы өсим пәтлерин тәмийинлеўге ериспектемиз. Атап айтқанда, Өзбекстанның Дослық аўқамы мәмлекетлери менен товар айланысы, өткен жылдың жуўмағына бола, 35 процентке артты, усы жылдың басынан берли болса  және үштен бир есеге өсти.

Машина ислеп шығырыў, энергетика, химия, фармацевтика, тоқымашылық ҳәм басқа да тараўларда кооперациялық жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта. Тек ғана кейинги айлардың өзинде ҒМДА мәмлекетлериндеги шериклеримиз бенен 800 ден аслам жаңа кәрханалар иске түсирилди.

Мәдений байланысларымыз жедел раўажланбақта. Турақлы түрде фестивальлар, концертлер, ярмаркалар, спорт ҳәм басқа да илажлар өткерилип келинбекте.

Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Бүгинги басқышта, бизиң нәзеримизде, улыўма ҳәрекетлеримизди төмендеги мәселелердиң шешимине қаратыўымыз зәрүр болып табылады.

Биринши.  Өз-ара саўдадағы тосқынлықларды тезирек сапластырыў бойынша әмелий илажлар қабыл етиўимиз зәрүр. Биз бул ҳаққында жүдә көп айттық. Енди әмелий ҳәрекетлерге өтиў ўақты келди.

Өзбекстан ҒМДА шеңберинде еркин саўда қурамындағы жүзеге келген шеклеўлерди толық бийкарлаўға таяр.

Биз, сондай-ақ,  2009-жылдағы Товарлар ислеп шығарылған мәмлекетти анықлаў қағыйдаларына қосылыў ҳаққында қатаң қарар қабыл еттик. Дослық аўқамдағы шериклеримизден де әне сондай ҳәрекетлерди күтип қаламыз.

Қабыл етилген ҒМДАның 2030-жылға шекем мөлшерленген экономикалық раўажланыў стратегиясын әмелге асырыў мақсетинде  түрлес министрлеримизге өз-ара саўда өсимин хошаметлеў ушын анық илажларды ислеп шығып, бир ай мүддетте мәсләҳәтлесиўлер өткериў бойынша тапсырма бериўди усыныс етемен.

Екинши. Азық-аўқат қәўипсизлиги өз-ара бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдары болып қалмақта. Баҳаның жасалма түрде өсиўине жол қоймаў және инфляцияны жылаўлаў мақсетинде ҒМДА  мәканында азық-аўқат өнимлери тосқынлықларсыз жеткерип берилиўине қолайлы шараятлар жаратыў зәрүр.

Өзбекстан өзиниң шериклерин узақ мүддетли фьючерс шәртнамаларын дүзиў арқалы азық-аўқат өнимлери, соның ишинде, ерте писер аўыл хожалығы өнимлери менен тәмийинлеўге таяр.

Өз гезегинде, биз ғәлле, май ҳәм азықлық егинлерииниң кепилликли жеткерип берилиўинен мәпдармыз.

ҒМДА Ҳүкимет басшылары кеңесине талап жоқары болған азық-аўқат товарларын кепилленген тәризде жеткерип берилиўиниң ҳәр жылғы квотасын келисиў механизмин ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў бойынша тапсырма бериўди усыныс етемиз.

Үшинши. Мәмлекетлеримиздиң транспорт системасына болған үлкен қәўип-қәтерлерин есапқа ала отырып, жаңа логистика коридорларын биргеликте раўажландырыў оғада әҳмийетли, деп есаплаймыз.

Бул жерде гәп «Термиз – Мозари-Шариф – Қабул – Пешовар» және Қытай -Қырғызстан – Өзбекстан темир жолларын қурыў жойбарлары ҳаққында бармақта. Бул жоллар ҒМДАны трансконтинеталлық транспорт тасыўлардың әҳмийетли шынжырына айландырыўға жәрдемлеседи және жүклерди алып өтиўдиң мүддетин ҳәм баҳасын бир неше есеге қысқартып, әмелдеги жөнелислерди басқышпа-басқыш толықтырып барады.

Трансмиллий коридорлардың көп вариантлы болыўы Дослық аўқамы мәмлекетлериниң өнимлери ушын кең көлемли жаңа базарларды ашатуғынына исенимим кәмил.

Төртинши. Өз-ара инновациялық бирге ислесиў ҳәм жаслар мәселесинде қарым-қатнас тараўында қабыл етилген стратегиялық дәстүрий ҳүжжетлерди әмелге асырыў мақсетинде келеси жылы Өзбекстанда ҒМДА мәмлекетлери жас илимпазларының «Жаслар инновация тәрепдары» сүрени астында биринши конгрессин өткериўди усыныс етемиз.

Әнжуман көлеминде стартап жойбарлар ҳәм инновациялық қолланбалар көргизбеси, төртинши әўлад жәҳән санаат жетекшилери қатнасыўында презентациялар және «шеберлик сабақлары» шөлкемлестириледи.

Бесинши. Гуманитарлық бирге ислесиў тараўында билимлендириў, илим, денсаўлықты сақлаў, спорт, мәденият ҳәм көркем өнер бағдарларында биргеликтеги жойбарлар ҳәм бағдарламалардың әмелге асырылыўына және де белсене жәрдемлесиўге ҳәм қатнасыўға таярмыз.

2023-жылы Санкт-Петербург қаласын ҒМДАның мәденият пайтахты деп жәриялаў ҳаққындағы қарарын қоллап-қуўатлаймыз.

Өз гезегинде, ески Самарқанд қаласын 2024-жылы ҒДМАның мәденият пайтахты деп, жәриялаўды усыныс етемиз. Буннан тысқары, ҳәр жылы шахмат бойынша Дослық аўқамы ашық кубогин өткериў басламасын алға қоямыз.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Өзбекстан тәрепи бүгинги саммиттиң күн тәртибине киргизилген ҳүжжетлердиң қабыл етилиўин қоллап-қуўатлайды.

Биз, сондай-ақ, Шөлкемниң Атқарыў комитетиниң баслығы – ҒМДА Атқарыўшы хаткери Сергей Николаевич Лебедевтиң ўәкилликлери гезектеги мүддетке созылыўын мақуллаймыз.

Биз оны тәжирийбели ҳәм жуўапкершиликли басшы сыпатында жақсы таныймыз, мәмлекетлеримиз арасында көп тәреплеме қатнасықларды кеңейтиў бағдарындағы жедел ҳәрекетлерин қәдирлеймиз.

Сөзимниң жуўмағында  Қырғыз Республикасы Президенти Садир Нургожаевич Жапаровқа Шөлкемимизге келеси жылғы басшылық жумысына табыслар тилеп қаламан.

Бүгинги мәжилис жуўмақлары Ғәрезсиз Мәмлкетлердиң Дослық Аўқамы мәканында әмелий бирге ислесиўдиң нәтийжелилигин арттырыўға имканият беретуғынына беккем исенемен.

Итибарыңыз ушын рахмет.