Жер жүзинде бир қанша бактерия, вирус хәм заммарықлар себепли келип шығатуғын кеселликлер бар.

Оған адам иммунитети жетиспеўшилиги вирусы тәрепинен келип шығатуғын АИВ инфекциясы кеселлиги де киреди. АИВ инфекциясын тийкарынан вирус қозғатып, тек ғана адамларда ушырасады. АИВ инфекциясы жасырын дәўириниң узақлығы хәм усы дәўирде өзи билмеген ҳалда басқа адамларға жуқтырыўы менен қәўипли есапланады.

АИВ инфекциясының 3 түрли жуғыў жолы болып, бириншиси,  жынысый жол, анадан балаға ҳәм қан арқалы, атап айтқанда, тексерилмеген донор қаны қуйылғанда, наркотикалық затлар қабыллағанда зыянсызландырылған медициналық хәм медициналық емес әсбап-үскенелерден пайдаланғанда жуғады.

Инсан денесинде кеселлик инфекциясын анықлаўдың өз қәлеўи бойынша, мәжбүрий, аноним ҳәм медицина хызметкериниң мәсләҳәти тийкарында тексериў түрлери бар. Онда тексерилиўшилердиң қан анализи арнаўлы лабораторияларда ИФА (Иммунофермент анализи),  ПШР (полимераза шынжырлы реакция), Иммуноблот усылында тексериледи ҳәм олардың аты-жөни сыр сақланған аноним ҳалда тапсырыўға ҳәм тексериў нәтийжеси тексерилиўшиден басқаларға айтылмай, сыр сақланыўы белгиленген.

Иммунофермент анализи жәрдеминде қан плазмасындағы яки плазмадағы вирустың барлық антигенлерине пайда болған антиденелери анықланады.

Иммуноблот усылы тек ғана АИВ тиң арнаўлы белокларында пайда болатуғын арнаўлы антиденелерди анықлаўға тийкарланған. Сонлықтан бул усылдың арнаўлы қәсийети жүдә жоқары. АИЖСке қарсы гүресиў орайының лабораториясында ИФА оң деп тастыйықланған анализлер иммуноблот усылында тексериледи.

Ал, полимераза шынжырлы реакция жоқары сезиўшеңликке ийе болған анализ усылы болып, бул усыл тийкарында қанда АИВ пенен зыянланған клеткалардағы провирус ДНКсын, РНКны табыў яки қан плазмасында АИВ тиң РНК муғдарын табыў мақсетинде қолланылады.

Бул анализлерди өткериў ушын арнаўлы медициналық үскене, Өзбекстанда дизимнен өткен тест-системалар хәм арнаўлы таярлықтан өткен лаборатория хызметкерлери талап етиледи.

Кеселликти емлегенннен оның алдын алған жақсы, соның ушын АИВ инфекциясына тексерилиўден ҳәм нәтийжесинен ҳеш қашан қорықпаң. Себеби, қорқыныш инсанды руўхый түскинликке түсирип, жаңа кеселликлерди пайда етеди.

М.Бекниязова,

Г.Хабипова,

Қарақалпақстан Республикасы АИЖС ке қарсы гүресиў орайы шыпакерлери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги