Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев әмелий сапар менен Россияның Санкт-Петербург қаласына жетип келди.

«Пулкова» аэропортында жоқары мәртебели мийманды Ленинград ўәлаятының губернаторы Александр Дрозденко, Санкт-Петербург қаласының губернаторы Александр Беглов ҳәм басқа да рәсмий адамлар күтип алды.



Бүгин Ғәрезсиз мәмлекетлер дослық аўқамының рәсмий емес саммити болып өтеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги