Министрлер Кабинетиниң «Улыўма орта билим бериў мәкемелеринде руўхый-ағартыўшылық ҳәм тәрбия жумысларының нәтийжелилигин арттырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Концепция Президенттиң «Халық билимлендириўин раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық ислеп шығылған ҳәм төмендегилерди нәзерде тутады:

– мектеп билимлендириўин улыўма миллий ҳәрекетке айландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды мазмун жағынан жаңа басқышқа көтериў;

– мектеп оқыўшыларының китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў, руўхый күш ҳәм миллий қәбилетлерди сақлаў;

– әскерий ўатансүйиўшилик ҳәм уллы ата-бабалардың мәртлигин үгит-нәсиятлаў, үйрениў;

– үзликсиз билимлендириў системасында мәнаўий тәрбия тийкарларын күшейтиў;

– оқыўшыларды заманагөй билим ҳәм тәжирийбе, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятлар тийкарында тәрбиялаў процесинде мектеп, мәҳәлле ҳәм шаңарақтың бирге ислесиўин беккемлеў.

Ҳүжжет пенен улыўма орта билим бериў мәкемелеринде руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў концепциясын әмелге асырыў бойынша «жол картасы» тастыйықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги