Кегейли районындағы Бахтияр Толыбаев басшылық ететуғын «Искер-Табыскер» фермер хожалығы аймақтағы ең ири хожалықлардың бири болып, ерте бәҳәрде 100 гектар жерге пахтаның «С-4727» сортын сепкен еди. Хожалық ағзаларының агротехникалық қәделерге сай тәрбия жумысларын жүргизиўиниң нәтийжесинде «алтын гүз»де өзлери дийдилегендей мол зүрәәт жетистириўге еристи.

-Бүгинги күнге шекем ел қырманына 200 тоннадан аслам пахта тапсырдық,-дейди бизге фермер Бахтияр Толыбаев.-Хожалығымызға теримшилер Халқабад елатының «Гүжимтерек» мәҳәллесинен теримшилер келип көмек бермекте. Оларға ҳәр күн сайын терген пулларын өз ўақтында есаплап берип атырмыз. Адамларды пахта теримине және қызықтырыў мақсетинде, теримшилер арасында жарыслар шөлкемлестирип, оларды баҳалы саўғалар менен сыйлықлап турыппыз. Соның нәтийжесинде пахта теримине қатнасыўшылар саны артпақта. Қуда қәлесе, бир-еки күнниң ишинде белгиленген режени артығы менен орынлап шығамыз. Буның ушын бизлерде барлық имканиятлар бар.

Хожалық ағзалары быйыл 90 гектар жерге гүзлик бийдай егип, оннан бир тегис нәл алыўға еристи. Ҳәзирги күнлери бийдай тәрбиясына да итибар қаратылып, бул бойынша жумыслар белгиленген талапқа сай алып барылмақта.

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы