ОНЛАЙН

Бүгин – 7-октябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының отыз үшинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Онда сенаторлар, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары қатнаспақта. Орынларда жумыс алып барып атырған сенаторлар ҳәм жуўапкер шахслар мәжилисте онлайн қатнаспақта.

Сенаттың баслығы Танзила Норбоева басқарып атырған мәжилис күн тәртибине 11 мәселе киргизилген. Соннан алтаўы нызам болып, олардың арасында «Стандартластырыў ҳаққында», «Көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳаққында»ғы нызамлар бар.

Айырым нызамларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиледи. Бул «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында», «Географиялық объектлердиң атамалары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына өзгерислер киргизиў ҳаққында», «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына пенсия тайынлаў тәртибин жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамлар тийкарында әмелге асырылады.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған жумысларды үйрениў нәтийжелери көрип шығылады.

Ферғана ўәлаяты ҳәкиминиң инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бағдарында алып барылып атырған жумыслар ҳаққындағы есабаты тыңланады.

Экономиканың өндирис тараўларында локализациялаў бағдарламаларының орынланыўы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораў нәтийжелери додаланады.

Аралбойы регионында экологиялық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм заманагөй инновациялық технологияларды кеңнен енгизиў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыў жағдайы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораў нәтийжелери талланады.

Норгул Абдураимова, ӨзА