Тахтакөпир районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 10-санлы улыўма орта билим бериў мектеби Қараой аўыл пуқаралар жыйыны орайында жайласқан болып, бүгинги күни 459 оқыўшы заман талабына сай билим алмақта.

Өткен оқыў жылы мектеп жәмәәти ушын оғада әўметли жыллардың бири болды. Атап айтатуғын болсақ, мектептиң 11-класс оқыўшысы Мәмбетназарова Манзура пәнлер олимпиадасының Өзбекстан Республикалық басқышына қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни бойынша қатнасып, онда сыйлы 3-орынды ийелеўге миясар болды ҳәм жоқары оқыў орнына мәмлекетлик грант тийкарында қабылланыўға миясар болды. Ал, жеңимпаз оқыўшының муғаллими Гүлшад Омарова болса, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 3-майдағы ПҚ-4306-санлы қарары тийкарында 100 процентлик үстемеге ийе болыў менен бирге,  2021-жыл 9-сентябрьдеги 562-санлы қарары бойынша Халық Билимлендириў министрлиги тәрепинен 9 млн сум ақшалай сыйлық пенен сыйлықланды.

Ал, инглис тили пәни муғаллими Гүлназ Мырзаханова «Жылдың ең жақсы шет тили пәни муғаллими» таңлаўында район көлеминде 1-орынды ийеледи ҳәм С1 сертификатын қолға киргизди.




Соның менен бирге, мектепте оқыўшылардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўине үлкен итибар қаратылып, бүгинги күни оқыўшылар ментал арифметика, қол өнери, сүўретлеў өнери, спорт түрлери бойынша дөгереклерге қатнасып, өзлериниң билимлерин жетилистирип келмекте. Әсиресе, мектеп оқыўшыларының баскетбол спортына болған қызығыўшылығы жоқары. Мектептиң сайланды командасы район ҳәм республика көлеминде өткерилетуғын ҳәр қыйлы спорт жарысларына белсене қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп келмекте.

Атап айтатуғын болсақ, «Бес баслама, бес имканият» , «Үмит нәлшелери-2021» спорт жарысларында мектептиң баскетболшы қызлары  республикада екинши орынды ийелеўге миясар болды.


– Президент администрациясының арнаўлы көрсетпеси менен мектебимиз район көлеминде Финляндияның педагогикалық ис-тәжирийбесин ен жайдырыў бойынша база сыпатында таңлап алынып, 9-класста педагогикалық класс ашылды ҳәм ҳәзирги ўақытта онда оқыўшыларымыз тәлим-тәрбия алмақта,-дейди бизге мектеп директоры Қатшахан Баймурзаева.-Әлбетте, билимлендириўде жақсы нәтийжеге ерисиў ушын күшли ҳәм билимли педагог кадрларға ийе болыў керек. Сонлықтан бизлер муғаллимлердиң билими ҳәм ис-тәжирийбесин арттырыўға айрықша итибар қаратып келмектемиз. Атап айтатуғын болсақ, ҳәзирги ўақытта мектебимизде 51 муғаллим ислейтуғын болса, соның төртеўи  жоқары, оны биринши, жигирма бири екинши категорияға ийе муғаллимлер болып табылады. Усы тәжирийбели муғаллимлердиң пидайы мийнетлериниң арқасында өткен оқыў жылында  мектептиң 11-класын оқып тамамлаған 21 оқыўшыдан 11 и жоқары оқыў орынларының студенти болыў бахтына миясар болды.

Бул әлбетте, Президентимиздиң билимлендириў тараўына қаратып атырған айрықша итибары ҳәм ғамқорлығының арқасында, деп ойлаймыз ҳәм алдағы ўақытлары бундай хошаметтен руўхланып жаңадан-жаңа табысларды қолға киргиземиз.

А.Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы