Республикамызда ҳаял-қызлардың машқалаларын системалы шешиўге, оларды социаллық қоллап-қуўатлаўға қаратылған илажлар, әсиресе, «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларға итибар, атап айтқанда, оларды кәсип-өнерге ҳәм исбилерменликке оқытыў, қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыўға жәрдемлесиў, өзин-өзи бәнт етиў, кредитлер ажыратыў, майыплығы болған ҳаял-қызларға материаллық жәрдем көрсетиў, оларды турақ жай менен тәмийинлеў, жайларын оңлаў сыяқлы кең көлемли жумыслар үзиликсиз әмелге асырылып келинбекте. Сондай-ақ, қарамағында бир ҳәм бир неше майып балалары бар жалғыз аналар, медициналық, ҳуқықый ҳәм психологиялық жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлар әмелий қоллап-қуўатланбақта.  Усындай ийгиликли илажларды әмелге асырыўда үлгили ҳәм пидайы жумыс атқарып атырған жуўапкер уйымлардың хызметкерлерин   қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў мақсетинде «Ең үлгили жумыс бериўши ҳаял», «Ең жақсы мәҳәлле баслығы», «Ең жақсы сектор баслығы», «Ең жақсы ҳәким жәрдемшиси», «Ең жақсы жаслар жетекшиси», «Ең жақсы ҳаял-қызлар белсендиси» таңлаўлары өткерилди.

Таңлаўлардың қалалық ҳәм районлық басқышлары усы жылдың июль-август айларында өткерилип, «Ең үлгили жумыс бериўши ҳаял» таңлаўы бойынша 112, «Ең жақсы мәҳәлле баслығы» таңлаўы бойынша 256, «Ең жақсы сектор баслығы» таңлаўы бойынша 48, «Ең жақсы ҳәким жәрдемшиси» таңлаўы бойынша 290, «Ең жақсы жаслар жетекшиси» таңлаўы бойынша 293, «Ең жақсы ҳаял-қызлар белсендиси» таңлаўы бойынша 268 қатнасыўшы беллести. Сентябрь айында таңлаўлардың Қарақалпақстан аймақлық басқышы өткерилди.  

Усы жыл 5-октябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында усы таңлаўлардың жеңимпазларын ҳәм таңлаўда белсене қатнасқанларды сыйлықлаў мәресими болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев сөзге шығып, Президентимиз тәрепинен ҳаял-қызларды социаллық қоллап-қуўатлаў, олардың машқалаларын шешиў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.

Соңынан таңлаўлардың жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими басланып, онда «Ең үлгили жумыс бериўши ҳаял» таңлаўы жеңимпазы Қарақалпақстан Республикасы Майыплар жәмийетине қараслы «Bernina Nukus» сыңар кәрханасы директоры П.Даўлетиярова, «Ең жақсы мәҳәлле баслығы» таңлаўында жеңимпаз Шымбай районының Бердақ мәкан пуқаралар жыйыны баслығы Ф.Палўанова, «Ең жақсы сектор баслығы» таңлаўының жеңимпазы Қанлыкөл районлық ишки ислер бөлими баслығы, 3-сектор баслығы Ф.Урумбаев, «Ең жақсы ҳәким жәрдемшиси» таңлаўы жеңимпазы Қоңырат районындағы Қарақалпақстан посёлкалық пуқаралар жыйынының ҳәким жәрдемшиси Ж.Аметова, «Ең жақсы жаслар жетекшиси» таңлаўы бойынша жеңимпаз Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги Қоңырат районлық бөлиминиң Мыңжарған мәкан пуқаралар жыйыны жаслар жетекшиси У.Мамбетярова, «Ең жақсы ҳаял-қызлар белсендиси» таңлаўының жеңимпазы Беруний районындағы Қызылқала аўыл пуқаралар жыйынының ҳаял-қызлар белсендиси Н.Нурымбетова финаллық басқышқа жоллама алды. Биринши ҳәм екинши орын жеңимпазларына диплом ҳәм ақшалай сыйлықлар тапсырылды.

Сондай-ақ, илажда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен жазғы мәўсимде балалардың дем алысын шөлкемлестириўде белсендилик көрсеткен бир топар хызметкерлерди  сыйлықлаў әнжуманы да өткерилди. Онда «Ең жақсы дем алыў орайы – 2022», «Ең жақсы балалар дем алыў орайы баслығы», «Ең жақсы жуўапкер шөлкемлестириўши», «Ең белсенди бирге ислесиўши орай баслығы», «Ең жақсы бирге ислесиўши шөлкем», «Ең ғамхор тәрбияшы», «Ең белсенди жетекши», «Ең жақсы спорт шынықтырыўшысы», «Ең шебер дөгерек басшысы», «Ең жақсы аспаз», «Ең жанкүйер ҳәким», «Жаз мәўсимин шөлкемлестириўде белсендилик көрсетип, бирге ислескен шөлкем» номинациялары бойынша жеңимпазлар анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Басқа да пидайы хызметкерлерге Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң ҳүрмет жарлығы тапсырылды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Өзбекстан темир жолшылары ҳәм транспорт қурылысшылары кәсиплик аўқамы Республикалық Кеңеси баслығы, Ҳаял-қызлардың машқалаларын системалы түрде шешиў, оларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша республикалық комиссиясы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасына бириктирилген ўәкил Қ.Сабиров қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.