Ҳүкимет қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында тәжирийбе-сынақ тәризинде 20222023-оқыў жылында:

барлық медицина ҳәм ЖООлардың «Емлеў иси», «Педиатрия иси» ҳәм «Медицина-прфилактика иси» бағдарларының питкериўши курсларына толық ставкаға шекем шаңарақлық шыпакер, тез медициналық жәрдем шыпакери ҳәм санитария бөлимлеринде шыпакер сыпатында;

барлық медицина ЖООлар, республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайлары ҳәм Медицина хызметкерлериниң кәсиплик маманлығын раўажландырыў орайының магистратура ҳәм клиникалық ординатура питкериўшилери қәнигеликлери бойынша толық ставкаға шекем жумыс ислеўи мүмкин.

«Емлеў иси», «Педиатрия иси» ҳәм «Медицина-прфилактика иси» бағдарлары бойынша барлық басқыш студентлери пәнлер ҳәм әмелий сабақлардың теориялық бөлимин аралықтан өзлестиреди.

ДССМ шыпакерлерге болған зәрүрликти анықлайды ҳәм биринши басқышта 2022-жыл 1-октябрьден Сурхандәрья ўәлаятында, екинши басқышында болса 2022-жыл 1-ноябрьден барлық аймақларда студентлерди вакант орынларға жумысқа орналастырады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги