Быйылғы жылы өзбек тили ҳәм қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 33 жыл толады. Сондай-ақ, октябрь айы республикамыз мектеплеринде Өзбек тили ҳәм қарақалпақ  тили ҳәм әдебияты пәни айлығы етип белгиленди.

Усы мүнәсибет пенен республикамыз бойлап кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Нөкис районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 30- санлы улыўма орта билим бериў мектебинде  «Тил-миллет айнасы» атамасында байрам илажы болып өтти.

Илажды мәдений-дөретиўшилик мәселелер бойынша үгит-нәсиятшы А.Жәрменова басқарып барды.

Байрам кешесинде мектеп директоры М.Айтмуратов, директор орынбасары Б.Жаримбетова, республикамызға белгили журналист А.Оразов, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими А.Турғанбаева, өзбек тили пәни муғаллими Д.Жалаловалар шығып сөйлеп, өзбек ҳәм қарақалпақ тиллерине мәмлекетлик тил бийлиги берилиў тарийхы, ана тиллеримиздиң халқымыз турмысында тутқан орны, атқаратуғын хызмети ҳәм тил нызамына киргизилип атырған өзгерислер ҳаққында кең түрде айтып өтти. Соның менен бирге, соңғы жыллары жасларымыз арасында ана тилимизге деген немқурайдылықтың нәтийжесинде тиллеримиз шубарланып баратырғаны қатаң сынға алынды.

Кеше соңында мектеп оқыўшылары тәрепинен байрамға арналған саз-сәўбетли концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

А.Жәрменова,

Нөкис районлық ХББ ға қараслы 30-санлы мектеп үгит-нәсиятшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги