Республикамыз аймағында ҳаўа райының кескин суўытыўы, әсиресе, түнги ўақытлары ҳаўа райының нормадан төмен болыўы бақланып атырғанына байланыслы авариялық жағдайлардың алдын алыў, социаллық тараў имаратларында зәрүр температураны сақлаў, тутыныўшыларды ыссылық энергиясы ҳәм жетерли муғдарда тәбийғый газ бенен тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы аймағында 2022-2023-жыллар ушын жылытыў мәўсими 2022-жыл 5-октябрьден басланыўы белгиленди. Бул ҳаққында ҚР Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызмети хабар берди.

Бул ҳаққында ҚР Министрлер Кеңесиниң арнаўлы бийлиги қабыл етилип, тийисли тараў басшыларына 2022-2023-жыллар ушын жылытыў мәўсиминде тутыныўшыларды белгиленген тәртипте электр ҳәм ыссылық энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик суўы, суйық ҳәм қатты жанылғы менен турақлы түрде тәмийинлеў ўазыйпалары жүкленди.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, өткен жылы республикамызда жылытыў мәўсими 6-октябрьден басланған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.