Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының баслығы Танзила Норбоева Америка Қурама Штатлары (АҚШ) мәмлекетлик хаткериниң глобал байланыслар бойынша жәрдемшиси ў.а Элизабет Кеннеди Трюдоны қабыллады.

Ушырасыў ўақтында Өзбекстан – Америка бирге ислесиўиниң ҳәзирги жағдайының перспективалары, соның ишинде, парламентлераралық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.

Еки мәмлекет парламентлери арасындағы байланысларды кеңейтиўде «Өзбекстан бойынша Кокус» (дослық топары)тың орны ҳәм жумысының нәтийжелилиги атап өтилди.

Сөйлесиў даўамында сиясий, саўда-экономикалық, социаллық, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди раўажландырыў, соның ишинде, ҳаял-қызлар исбилерменлиги ҳәм ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин күшейтиў, гендер теңликти тәмийинлеў бойынша пикир алысылды.

Атап айтқанда, ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў бойынша Өзбекстан парламенти ҳәм ҳүкимети тәрепинен көрилип атырған илажлар сондай-ақ, ҳаял-қызлардың социаллық-экономикалық белсендилигин арттырыўға қаратылған реформаларға айрықша тоқтап өтилди.

Ушырасыўда саўда-экономикалық байланысларды жедел раўажландырыў, еки мәмлекет ҳүкиметлери арасындағы турақлы сиясий байланысларды жеделлестириў, жергиликли ҳәкимият уйымлары менен тығыз байланысларды жолға қойыў, өз алдына тармақлар басшыларының өз-ара сапарларын әмелге асырыў бойынша пикир алысылды.

Бундай қатнас барлық тараўларда еки тәреплеме қатнасықларды сапа жағынан кеңейтиўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

ӨзА