Олий Мажлис Сенаты кенгашиниң мәжилиси болып өтти. Онда Сенаттың отыз үшинши жалпы мәжилисин шақырыў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

Сенат баслығы Танзила Норбоева алып барған мәжилисте Сенаттың отыз үшинши жалпы мәжилисин 2022-жыл 7-октябрь күни шақырыў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Атап өтилгениндей, гезектеги жалпы мәжилисте «Стандартластырыў ҳаққында»ғы, «Көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳаққында»ғы және «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамлар көрип шығылады.

Жалпы мәжилисте «Географиялық объектлердиң атамалары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы, «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамына пенсия тайынлаў тәртибин жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы ҳәм «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызамларды да додалаў нәзерде тутылған.

Буннан тысқары, сенаторлар Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған жумысларды үйрениў нәтийжелерин көрип шығады.

Сондай-ақ, Ферғана ўәлаяты ҳәкиминиң инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў және исбилерменликти раўажландырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққындағы есабаты да тыңланады.

Эконмиканың өндирис тараўларында локализациялаў бағдарламаларының орынланыўы және Аралбойы регионында экологиялық турақлылықты тәмийинлеў сондай-ақ, заманагөй инновациялық технологияларды кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыў жағдайы бойынша Министрлер Кабинетине жиберилген еки парламент сораўы нәтийжелери де додаланады.

ӨзА