Бүгин 4-октябрь күни Будапешт қаласында Венгрия Парламентиниң имараты алдындағы Лайош Кошут атындағы майданда рәсмий сапар менен усы елде болып турған Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти рәсмий күтип алыў мәресими болды.

Майданда жоқары мәртебели мийманның ҳүрметине пияда ҳәм атлы әскерлерден ибарат ҳүрметли қараўыл сап тартты. Әскерий оркестр еки елдиң мәмлекетлик гимнлерин атқарды.

Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Венгрия Президенти Каталин Новак рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.




Мәресим жуўмағында ҳүрметли қараўыл салтанатлы түрде сап тартып өтти.

ӨзА