Усы жылы 29-сентябрь күни болып өткен Конституциялық комиссиясының Баспасөз хызмети тәрепинен шөлкемлестирилген конституциялық реформалардың барысы бойынша гезектеги брифингте Конституцияның Ғалаба хабар қураллары ҳәм журналистик жумысқа байланыслы 67-статьясының толықтырылып атырғаны мәлим етилди.

Атап өтилиўинше, Конституциялық нызам жойбарының 67-статьясы «Мәмлекетлик ғалаба хабар қураллары жумысының ерикинлигин, олардың мәлимлемени излеў, алыў, мәлимлемеден пайдаланыў ҳәм оны тарқатыўға болған ҳуқықларының әмелге асырылыўын кепиллейди. Ғалаба хабар қуралларының ҳәм журналистлердиң жумысына тосқынлық етиў ямаса араласыў нызамға муўапық жуўапкершиликке себеп болады. Ғалаба хабар қураллары өзлери усынатуғын мәлимлемениң дурыслығы ушын жуўапкер болып есапланады», деген жаңа норманы қосымша тәризде киргизиў нәзерде тутылып атыр.

Еслетип өтемиз, әмелдеги Конституцияның 67-статьясы бойынша, «ғалаба хабар қураллары еркин ҳәм нызамға муўапық жумыс ислейди. Олар мәлимлемениң дурыслығы ушын белгиленген тәртипте жуўапкер болып есапланады. Цензураға жол қойылмайды».

Брифингте, сондай-ақ, нызам жойбарының тексти таяр болыўы менен ол депутатлардың додалаўына киргизилетуғыны, халық ўәкиллериниң пикирлери итибарға алынған ҳалда кейин ала таяр болатуғын Конституциялық нызам жойбары референдумға қойылатуғыны мәлим етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги