Мектеп оқытыўшыларына мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарына (920 мың сум) салыстырмалы процент есабында төмендеги муғдарларда қосымша ҳақы төленеди:

класстағы оқыўшылар санына бола класс басшылығы ушын:

– 15 оқыўшыға шекем – 26,4 процент;

– 16 оқыўшыдан 20 оқыўшыға шекем – 31,6 процент;

– 21 оқыўшыдан 25 оқыўшыға шекем – 36,9 процент;

– 26 оқыўшыдан 30 оқыўшыға шекем – 42,1 процент;

– 31 ҳәм оннан көп оқыўшы болғанда – 52,8 процент;

– дәптерлерди ҳәм жазба жумысларды тексергени ушын (оқыўшылар еки топарға бөлип оқытылатуғын пәнлер бойынша да) класстағы оқыўшылар саны 15 ке шекем болғанда – 8,8 процент, 15 ҳәм оннан артық болғанда – 17,6 процент.

– информатика кабинетине басшылық еткени ушын – 17,6 процент.

Қарақалпақстан хабар агентлиги