Самарқандтағы «Уллы жипек жолы» халықаралық туристлик комплексиниң Конгресс орайында 1-октябрь – Муғаллим ҳәм устазлар күнине бағышланған салтанатлы мәресим өткерилди.

Жақында он төрт мәмлекет жетекшилериниң қатнасыўындағы ири халықаралық форум – Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Самарқанд саммитине басшылық еткен бул комплексте екинши абырайлы илаж – устазлар байрамының белгилениўи елимизде билимлендириў тараўының ўәкиллери қай дәрежеде итибар ҳәм ҳүрметте екениниң және бир айқын көриниси болды.

Мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан келген пидайы муғаллим ҳәм устазлар, кеңпейил устазлар Самарқандта мүнәсип күтип алынды. Оларға бул халықаралық орайдағы заманагөй мийманханалардың әзиз мийманлары сыпатында айрықша иззет-ҳүрмет көрсетилди. Мәресим алдынан мийманлар мәмлекетимиз басшысының басламасы менен қурылған бул комплексте жаратылған имканият ҳәм шараятлар менен танысты. Халқымыздың үлкен дөретиўшилик потенциалы, бир неше мың жыллық дәстүр ҳәм қәдириятлары, миллий өнерментшилик мийрасын көрсеткен «Мәңги шәҳәр» комплекси мийманларға унады.

– Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 31 жыллығы алдынан Президентимиздиң қатнасыўында салтанатлы ашылған бул комплексти телевизорда көрип ҳәўесим келген еди, – дейди Хорезм ўәлаяты Гурлен районындағы 5-улыўма билим бериў мектебиниң директоры, Өзбекстан Қаҳарманы Анора Махмудовна. – Кейин дүнья халқының итибар орайында болған ШБШ Самарқанд саммити де бул жерде оғада жоқары дәрежеде өткенин көрип, еситип, ҳәўесим шынлыққа айланды, кеўлимде оғада үлкен мақтаныш сездим. Ҳүрметли Президентимиздиң биз – муғаллимлерге болған қызғын мүнәсибетлери, ҳүрметлериниң көринисин қараң, бизлердиң кәсиплик байрамымыз бүгин усы қутлы жерде белгиленбекте. «Уллы жипек жолы» орайы Жаңа Өзбекстанымызға мүнәсип заманагөй комплекс болған.

Конгресс орайында жанажан Ўатанымыздың түрли аймақларынан келген ең пидәкер мийнеткеш муғаллим ҳәм устазлар, тараў ветеранлары ҳәм жаслар жыйналды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң байрам мүнәсибети менен мәмлекетимиздиң муғаллим ҳәм устазларына жоллаған қутлықлаўын Президенттиң баспасөз хаткери Ш.Асадов оқып еситтирди.

Қутлықлаўда атап өтилген «жеке мен муғаллим дегенде – заман менен тең қәдем таслаған жанкүйер, зыялы шахсты, мектеп дегенде – билим ҳәм мәрипат нуры таралып туратуғын, Үшинши Ренессанстың ирге тасы қойылатуғын теберик жерди көз алдыма келтиремен», деген жоқары итибар салтанатлы мәресим қатнасыўшыларын және де руўхландырды.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң қутлықлаўында атап өткениндей, бүгин тәлим-тәрбия системасын реформаламай турып, алдымызға қойған шеклер ҳәм мақсетлерге ерисиў қыйын. Жаңа Өзбекстанды қурыў процесинде реформалардың избе-излигин ҳәм раўажланыўын тәмийинлейтуғын күш бул – жоқары билим ҳәм идея ийеси болған жаслар есапланады. Оларды мектеп, академиялық лицей, техникум, жоқары билимлендириў орынлары ҳәм басқа да илим орынлары, пидәкер устаз ҳәм муғаллимлеримиз тәрбиялайды.

Нәтийжеде, инсан тәрбиясында, камалға келиўинде устазлардың хызметлери шексиз. Олардың көздиң нуры, кеўилдиң тоқлығы, меҳри себепли перзентлеримиз илим ийелеп, билим ҳәм кәсип көнликпелерин өзлестирип, жәмийетте өз орнын табыўға умтылмақта, Ўатанымыздың раўажланыўына үлес қоспақта.

Қутлықлаўда атап өтилгениндей, муғаллимниң абырай-мәртебеси – бул бәринен бурын миллеттиң, пүткил халықтың абырай-мәртебеси болып есапланады. Сол себепли, кейинги жылларда муғаллим ҳәм устазлардың жәмийетимиз турмысындағы орны ҳәм тәсирин күшейтиў, билимлендириў системасын заман талаплары тийкарында шөлкемлестириў бойынша үлкен реформалар әмелге асырылмақта. Мәмлекетимиз басшысының бир қатар пәрман ҳәм қарарлары бул бағдарда әҳмийетли бағдарлама болмақта.

Мектеплердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, заман талапларына сәйкес шараят жаратыў мақсетинде тек ғана усы жылы мәмлекетлик бюджет есабынан 51 жаңа мектеп қурылды. 1660 мектепте қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылып, 119 мыңнан аслам оқыўшы орны жаратылды.

Соның менен бирге, 465 мектеп ушын қосымша оқыў имаратлары, 115 спорт залы ҳәм майданшалары қурылды. Билимлендириў орынларына 35 мыңнан аслам қосымша оқыў үскенелериниң топламы жеткерилип, 1 мың 900 ге шамалас мектептиң инфраструктурасы түп-тийкарынан жаңаланды. 2,5 мыңнан аслам класс 31 мың заманагөй компьютер менен тәмийинленди.

Муғаллимлердиң билим ҳәм кәсиплик шеберлигин арттырыў, маман ҳәм билимли педагоглардың қатарын кеңейтиўге қаратылған итибар нәтийжесине бола, категорияға ийе муғаллимлердиң саны бир жылда 220 мыңнан 330 мыңға жетти. Жоқары ҳәм биринши маманлық категориясына ийе муғаллимлер болса дерлик 143 мың болды.

Президентимиздиң басламасы менен ең алыс аймақлардағы мектеплерде жумыс алып барып атырған пидайы ҳәм жанкүйер муғаллимлердиң мийнет ҳақысына қосымша  100 процент үстеме төлеў тәртиби енгизилди.

Бул ҳәрекетлер себепли бүгин мектеп, билимлендириў мәселеси улыўмахалықлық ҳәрекетке айланды. Билимлендириў тараўы ўәкиллериниң жәмийеттеги орны ҳәм статусы арттырылды. Олардың пидәкерлик мийнети себепли елимиз жаслары халықаралық олимпиада ҳәм таңлаўларда, спорт жарысларында жоқары нәтийжелерге ериспекте, жанажан Өзбекстанымыз атын, данқын дүньяға таратпақта.

Бундай ғайратлы мийнет, пидәкерлик болса мүнәсип тән алынып, қәдирленбекте.

Соның ишинде, Президент Шавкат Мирзиёевтиң 2022-жыл 28-сентябрь күни қабыл етилген пәрманына бола, мәмлекетимизде билимлендириў системасын халықаралық стандартлар тийкарында раўажландырыў, тараўға байланыслы реформаларды табыслы әмелге асырыў, оқыў-тәрбия процесине миллий ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбелери, инновациялық педагогикалық ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў жумысларына қосқан мүнәсип үлеси, оқыўшыларға илим тийкарлары ҳәм заманагөй кәсип-өнерлерди үйретиў, олардың интеллектуаллық потенциалын арттырыў, Жаңа Өзбекстанды қурыў ҳәм Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыў жолындағы үлкен хызметлери ушын бир топар муғаллим ҳәм устазларымыз мәмлекетимиздиң ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлары менен сыйлықланды.

Байрам илажында бул сыйлықлар өз ийелерине салтанатлы түрде тапсырылды.

Мәресимде сыйлықланғанлар, пидәкер муғаллимлер көрсетилип атырған ҳүрмет, тараўда әмелге асырылып атырған реформалар ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.

– Бүгин бизлер ҳәм шәкиртлеримиз ерисип атырған нәтийжелер, елимиздиң билимлендириў тараўындағы жаңалықлар, бәринен бурын, Президентимиздиң тәлим-тәрбия системасына болған итибары, жаратып берген имканиятларының нәтийжеси деп билемиз, – дейди Әндижан ўәлаяты Марҳамат районындағы 47-қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектебиниң химия пәни муғаллими, Өзбекстан халық муғаллими Абдуқодир Шамсиддинов. – Бул сыйлық та мине, усы реформалардың нәтийжеси ҳәм марҳаматлы барлық муғаллимлер мийнетиниң жоқары мәртебеси болып табылады. Бул, әлбетте, мойныма үлкен жуўапкершилик жүклеп, жас әўладты және де билимли, заманагөй илимлерди пуқта ийелеген жаслар сыпатында тәрбиялаўымыз ушын пидәкерлик пенен мийнет етиўге ийтермелейди.

Байрам илажында елимиздиң көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылар тәрепинен концерт бағдарламасы усынылды.

Салтанатлы мәресимде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Норбоева қатнасты.

Ғолиб ҲАСАНОВ,

ӨзАның хабаршысы