Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Саудия Арабстан Патшалығы ҳаж ҳәм умра ислери министри Тавфиқ бин Фавзон ар-Рабия басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Мусылман дүньясының муқаддес зыярат етиў орынларына сапарларды шөлкемлестириў бағдарында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў, соның ишинде, пуқараларымыздың Саудия Арабстанында болыўына байланыслы және де қолайлы ҳәм ықшаи шараятлар жаратыў мәселелери додаланды.

Ушырасыў алдынан ҳаж ҳәм умра ислери министри мәмлекетимиз басшысына Еки муқаддес мешит хызметкери, Саудия Арабстан Патшасы Салмон бин Абдулазиз Ол Сауд ҳәм Мийрасқор, мәмлекеттиң Бас министри Муҳаммад бин Салмон Ол Саудтың қызғын сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Саудия делегациясының бул сапары усы жылы август айында Саудия Арабстанына әмелге асырылған тарийхый әҳмийеттеги мәмлекетлик сапар даўамында жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң даўамы екени айрықша атап өтилди.

Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан пуқаралары ушын жыллық ҳаж квотасын еки есе – 24 мыңға шекем, умра квотасын болса 100 мыңға шекем арттырыў бойынша келисимге ерисилди.

Сондай-ақ, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў жойбарларын әмелге асырыўға жәрдемлесиў, санластырыў тараўында алдынғы тәжирийбени енгизиў, саудиялы туристлердиң елимизде болыўы ушын визасыз тәртип енгизилгенин есапқа алған ҳалда олардың Өзбекстанға сапарларын көбейтиў, еки мәмлекет жетекшиси илимий-изертлеў орайлары арасында шериклик байланысларын жолға қойыў мәселелери де көрип шығылды.

ӨзА